Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда коронавирус инфекциясы менен наўқасланғанлардың саны 158 адамды қурамақта. Олардан 92 адам (соннан 7 адам емленген, биреўи қайтыс болған) Ташкент қаласындағы Вирусологиялық илимий тексериў институтының клиникасында, қалған 66 адам (соннан биреўи қайтыс болған) бир қатар ўәлаятлардағы емлеўханаларда емленбекте. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

 

Хабарда жазылыўынша, ҳәзирги ўақытта хорезмли бир пуқарада усы инфекция анықланған. Бирақ, ўәлаятлық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында буннан тысқары және 5 наўқас емленбекте. Олардан 2 адам сурхандәрьялы, 1 адам бухаралы, 1 адам қарақалпақстанлы және биреўи ферғаналы пуқара болып есапланады.

 

Наўқаслардың жағдайы ҳаққында толық мағлыўматларды жәриялап барамыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.