Ҳәзирги ўақытқа келип Өзбекстанда коронавирус инфекциясы менен наўқасланғанлар саны 145 адамды қурамақта. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

Инфекцияны жуқтырып алған ең соңғы наўқас Өзбекстанда коронавирустан қайтыс болған екинши адам менен байланыста болған 14 жаслы жийени екенлиги мәлим болды. Ол ҳәзирги ўақытта Қаршы қаласында жайласқан Қашқадәрья ўәлаятлық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте. Наўқастың жағдайы орташа аўыр дәрежеде. Наўқас пенен байланыста болған жақынлары ҳәм басқа пуқаралардың саламатлығы да қатаң қадағалаўға алынған.

Министрликтиң хабарында жазылыўынша, ҳәзирги ўақытта және 2 қашқадәрьялы наўқас Ташкент қаласындағы Вирусологиялық илимий тексериў институтының клиникасында емленбекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.