«Карантинге байланыслы илажларға әмел етиў дәўиринде хызметкерлерди аралықтан жумыс ислеў усылында, бейимлесиўши жумыс графигинде ямаса үйде жумыс ислеўге өткериўдиң ўақтынша тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы буйрық Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди, деп хабар бермекте xs.uz  сайты.

Буйрық пенен тастыйықланған режеге бола, карантин дәўиринде жумыс бериўши хызметкердиң келисими менен оны аралықтан жумыс усылында, бейимлесиўшең жумыс кестесинде ямаса үйде жумыс ислеўге өткериўи мүмкин.

Онда усы ҳуқықтан биринши гезекте ҳәмиледар ҳаяллар, кекселер, имканияты шекленген шахслар ҳәм жуқпалы кеселликлерге шалынған хызметкерлер пайдаланады.

Хызметкердиң аралықтан жумыс ислеў усылында, бейимлесиўши жумыс кестесинде ямаса үйде жумыс ислеўге өткерилиўи жумыс бериўшиниң буйрығы менен рәсмийлестириледи.

Аралықтан жумыс ислеўге өткериў бойынша мийнет шәртнамасына киргизилетуғын өзгеристе мийнеттиң басқа да шәртлери менен бирге төмендегилер көрсетиледи:

  • электрон ҳүжжет алмасыўы бойынша өз-ара байланыс тәртиби;
  • хызметкерге жумыс ушын зәрүр болған үскенелер, техника қуралларынан пайдаланыў тәртиби;
  • хызметкерди байланыс қураллары менен тәмийинлеў, Интернет тармағынан пайдаланыў;
  • хызметкерге жумыс бериўши тәрепинен берилген үскенелер бузылғанда зыянды қаплаў бойынша шәртлер;
  • хызметкер жеке үскене, техника қуралларынан, Интернеттен пайдаланғанда қәрежетлерди қаплаў тәртиби;
  • хызметкер жумыс бериўшиниң зәрүр мийнетти қорғаў ҳәм мийнет шараятлерине әмел етиў бойынша миннетлемелери;
  • өндирис зәрүрлиги туўылғанда хызметкерди турақлы жумысқа өткериў шәртлери.

Бул жумыс ислеў усылына өткерилген хызметкерлердиң мийнет дем алысы, ўақтынша мийнетке жарамсызлық бойынша напақа алыў ҳәм нызам ҳүжжетлери ҳәм жәмәәтлик шәртнамада нәзерде тутылған басқа да ҳуқықлары сақлап қалынады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги