Быйыл пахта зүрәәти ушын 86 мың 291 гектар майданға шигит егиў режелестирилмекте. Шигит егисин 10-12 күнде жуўмақлаў мақсетинде күнлик графиклер фермер хожалықлары кесиминде тастыйықланып, усы график бойынша қубла районларда 3-апрельден, қалған районларда 5-апрельден баслаў режелестирилмекте.

– Шигит егиси бойынша «үлгили отряд»ларды шөлкемлестириў, отрядларға техника ҳәм агрегатларды бириктириў бойынша барлық районларда март айының биринши он күнлигинде көргизбели семинар-кеңеслер өткерилди,-дейди Аўыл хожалығы министрлигиниң бас қәнигеси Бекназар Сейтназаров. – Шигит егисин шөлкемлескенлик пенен сапалы өткериў мақсетинде 357 шигит егиў отрядлары шөлкемлестирилди. Бул отрядларға тәжирийбели агроном, жер дүзиўши, агро-инспекция хызметкерлери, жанар май ҳәм минерал төгин жеткерип бериўшилер бириктирилди. Сондай-ақ, 11 мың 105 техника ҳәм агрегат, 6413 жумысшы хызметкерлер, ҳәр бир отрядқа арнаўлы көшпели устаханалар да бириктирилди.

Шигит егиси мәўсиминде туқымлыққа, жанар майға, минерал төгинге, жумысшы ҳәм механизаторлардың мийнет ҳақысына талап етилетуғын, жәми 226 млрд. 345 млн. сумлық қаржылардың есап-китаплары ислеп шығылды.

Пахта тазалаў кәрханаларында жәми 6540 тонна шигит толығы менен тазаланып (реже 5600 тн), соның 5632 тоннасы дәриленип, қағаз қалталарға қапланып (реже 5500 тн), бул туқымлық шигитлер белгиленген температураларда сақланбақта. Соның менен бирге, туқымлық шигитти тарқатыўшы жәми 112 шақапша ҳәм шигит жибитиўши 1327 шигит уралары мәўсимге толық таяр.

Бүгинги күнде 3560 тонна туқымлық шигит шақапшаларға жеткерип берилди. Шигит егиси менен бирге берилетуғын фосфорлы ҳәм калийли минерал төгинлердиң қоры жаратылмақта.

Быйыл шигит егиси мәўсимин қысқа мүддетлерде сапалы етип жуўмақлаўдың барлық илажлары көриледи.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.