Социаллық тармақларда Мәмлекетлик хызметлер орайларында автомобильлерге арнаўлы рухсатнама бериў 1-апрельге шекем қалдырылғанлығы, соған шекем арнаўлы рухсатнама талап етилмейтуғынлығы ҳаққындағы хабарлар тарқалмақта.

Мәмлекетлик хызметлер орайының мәлим етиўинше, бул хабар ҳеш қандай рәсмий тийкарға ийе емес. Ҳәзирги ўақытта бундай дағазалар Орайлардан алып тасланбақта.

Тараўға байланыслы өзгерис болған жағдайда бул ҳаққында рәсмий каналлар арқалы хабар берилетуғынлығы хабарда атап өтилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.