Хамид ӘЛИМЖАН
Қыялымда болдың күн бойы,
Сени излеп жағысқа бардым.
Ақ жал толқын пысқырған түнде,
Таўып бер деп айға жалбардым.
Исене бер сени мудамы
Гөззал ақшам еске түсирер.
Шоқ жулдызлар, таңның шапағы
Көз алдыма сени келтирер.
Ығбалымның шар айнасы – сен,
Сен ышқымның жасарған бағы.
Сениң менен тәғдирим бирге,
Ўападарым, сүйенген таўым.
Мени желпир салқын бир ҳаўа,
Суўдың үстин түн перде қаплар.
Ай жарқырап маған күледи,
Еске түсер қаншама гәплер.
Ақшам тыныш, текте толқынлар,
Ысқырысар билмей тынымды.
Ҳийлекер ай – сыйқырлы дилбар,
Сен ядыма түсирдиң кимди?!…
1936-жыл
Шарапатдин АЯПОВ аўдармасы
Қарақалпақстан хабар агентлиги