Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 19-марттағы «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобаллық кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы ПП-5969-санлы Пәрманына муўапық:

  1. Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы күшейтилген тәртиптиң (кейинги орынларда – Тәртип) әмел етилиў дәўиринде Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги тәрепинен усынылған дизим бойынша бажыхана шегарасы арқалы өткерилип атырған зәрүр дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар, медициналық техника, оларды ислеп шығарыў ушын ислетилген шийки зат, материаллар ҳәм субстанцияларға бажыхана бажылары өндирилмейтуғынлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар, медициналық техника, оларды ислеп шығарыў ушын ислетилетуғын материаллар ҳәм субстанциялар, ең зәрүр товарлардың баҳалары үстинен күнлик мониторинг өткериўди тәмийинлесин ҳәм олардың баҳаларын жасалма арттырыўды, жасалма жетиспеўшиликти ҳәм жоқары талапты жүзеге келтириўге жол қоймаў үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.
  3. Тәртипке әмел етиў дәўиринде, бурынғысынан басқаша түрде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-январьдағы П-5537-санлы бийлигине тийкарланып шөлкемлестирилген Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша Республикалық арнаўлы комиссиясына (кейинги орынларда – Республикалық комиссия):

Министлер Кабинетиниң 2011-жыл 25-февральдағы «Таяр дәри-дәрмақлардың импортын тәртипке салыў ҳаққында»ғы  49-санлы қарары менен тастыйықланған импорт етиўде қосымша қун салығы бойынша жеңиллик енгизилмейтуғын дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлардың дизимине киретуғын айырым таяр дәридәрмақлар ҳәм медициналық буйымларға үш айға шекем болған мүддетке қосымша қун салығы бойынша жеңиллик әмел етиўи ҳаққында қарар қабыл етиў;

айырым түрдеги ең зәрүр товарлардың дизимин қәлиплестириў ҳәм оларды импорт етиўде үш айға шекем болған мүддетке бажыхана бажысы ҳәм акциз салығы ставкаларын 0 процентке шекем азайтыў ҳуқықлары берилсин.

  1. 4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2020-жыл 27-март