27-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиўде еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери, соның ишинде, коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша көрилип атырған биринши гезектеги илажлар додаланды.

Тийисли уйым ҳәм шөлкемлердиң жақыннан бирге ислесиўинде өз-ара әмелий жәрдемлесиў ҳәм, бәринен бурын, шегара алды аймақлардағы эпидемиологиялық жағдайды қадағалаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Пандемияның саўда-экономикалық, энергетикалық, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы Өзбекстан-Түркменстан байланысларына унамсыз тәсирин азайтыў бойынша жедел қосымша илажларды даўам еттириў әҳмийетли екенлигине айрықша итибар қаратылды.

Президентлер биргеликтеги ҳәрекетлер жүзеге келип атырған барлық қыйыншылық ҳәм жаңа қәўип-қәтерлерди жеңиў, Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары, стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди және де беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Мәмлекет басшылары регионаллық бирге ислесиўге байланыслы ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.

 

ӨзА