Елимизде коронавирус инфекциясының кең көлемде тарқалыўының алдын алыў мақсетинде бүгин, 27-март күни саат 10:00 ден баслап ўәлаятлар аралық жөнелислерде барлық түрдеги автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениўи тоқтатылды. Бул ҳаққында ӨзР Транспорт министрлиги хабар берди.
Бул шеклеў шарасы жүк тасыўшылық пенен шуғылланып атырған автотранспорт қураллары ҳәм олардың басқарыўшыларына енгизилмейди. Бирақ, жүк автотранспорт қуралларында ҳүжжетлерде дизимге алынбаған адамлардың ҳәрекетлениўине де жол қойылмайды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.