Саида ЗУННУНОВА

 

Бунша шырайлысаң интизар бәҳәр,

Буншелли кеўлиме жақын сырларың.

Балалық ўақыттан бәнт етер мени,

Сендеги гөззаллық ой ҳәм қырларың.

 

Байшешек изледим бағларды тинтип,

Шашларыма сеўип гүллер әтирин,

Тиледим сол бәҳәр қалмағай кетип,

Гүллерге қонбағай ғубар ақырын.

 

Перуўза аспаннан үзе алмай көзим,

Көк шөплик үстинде аўнадым узақ.

Қызғалдақты излеп зер-зебил болып,

Гә қуслар жолына қураман дузақ.

 

Шашыма гүл тағып тыным таппастан,

Сонша гезер едим таллар арасын,

Хоширей ийислер таратып гүллер,

Қуслар шалар еди шадлы намасын.

 

Ерик гүллериниң түтип додағын,

Әткөншек ушпақты сүйдим жанымнан,

Саатлап турғанман қыялым кетип,

Гүллер жүзип өтсе мениң алдымнан.

 

Көк шөплик үстинде қуўыршағымды,

Ҳәййиўлеп өзимде алғанман мызғып,

Ҳәммесин умытып қуўып кеткенмен,

Гүбелек қасымда жүргенде ызғып.

 

Илҳам өсирмесе жүрекке лала,

Баўырына тартпаса жасыл далалар,

Кеўлимди аўламай кетсе гүбелек,

Қосыққа түспесе жасыл жағалар.

Шийрин ХАЛМУРАТОВА аўдармасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги