Абдулла АРИПОВ

 

Қыял сүрип бағларды гездим,

Табайын деп қырдан изиңди,

Гүл жүзиңнен ирең алсам дедим,

Лалазарға бурдым жүзимди.

Ушыратпадым бирақ өзиңди,

Сен бәҳәрди сағынбадың ба?

 

Алыстағы думанлы таўлар,

Қыялымды келеди басып,

Өтти қанша интизар шағлар,

Жаным маған болмадың несип.

Сенсиз мен ҳәм бәҳәр ҳәм ғәрийп,

Сен бәҳәрди сағынбадаң ба?

 

Жыралардан секирип жәйран,

Бәлентликте етеди сайран,

Қарлы таўдан сырғанап суўлар,

Далаларда урады жәўлан

Көз алдымда сен өзиң пинҳан

Сен бәҳәрди сағынбадың ба?

 

Мине бүгин наўрыз мәҳәли,

Досларыма гүллер тутаман,

Қайлардасаң сүйикли еркем,

Қолымда гүл сени күтемен.

Бир өмирге излеп өтемен,

Сен бәҳәрди сағынбадың ба?

 

Шийрин ХАЛМУРАТОВА аўдармасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги