Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 23-марттағы «Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары менен пуқаралар ушын бир қатар қолайлықлар жаратылды.

Қарарға муўапық, Интернет ҳәм телефон байланысы ушын төлемлерди өз ўақтында әмелге асырмағанлығы ушын 2 ай даўамында өширилиўине жол қойылмайды.

Барлық шөлкемлердиң тийкарғы жумысына тәсир етпеген ҳалда нызамшылықта белгиленген тәртипте хызметкерлер мийнет дем алысына шығарылады. Қалған бөлиминиң жумыс ислеўи максимал дәрежеде аралықтан турып шөлкемлестириледи.

 

ӨзА