Ибрайым ЮСУПОВ

СҮМЕЛЕК ҚАЙНАТҚАН ЖЕҢГЕЙГЕ

 

Аман бол, сүмелек қайнатқан жеңге!

(Маған – жеңге болсаң, жаслар «шеше» дер).

Нәўбәҳәр оянған айдын кешелер

Шүкирлик етерсең ғәниймет демге,

Аман бол, сүмелек қайнатқан жеңге.

 

Сүмелек қайнатпас мәзи сән ушын,

Үйрет келинлерге буның мәнисин.

Ата-баба дәстүрлерин танысын,

Ким үйретер оны өзиңнен өңге?

Аман бол, сүмелек қайнатқан жеңге.

 

Байрам сүмелеги дәстүрден қалмас,

Дәстүр сыйламай ел жөнлесе алмас.

Еркин базардағы шет елден келген

Шийринликлер оған теңлесе алмас.

 

Абийҳаят суўын ишкен бул байрам,

Заманнан-заманға көшкен бул байрам.

«Ҳәр күнимиз Наўрыз болғай» деп тилеп,

Пайғамбар нәзери түскен бул байрам.

 

Наўрыз-журттың шадлық салтанаты бул,

Бүгин-ғәрезсизлик шарапаты бул.

Мийрим-шәпәәттиң инсан қәлбине

Иләҳий нур қуйған кәраматы бул.

 

Халық шағлап мустақил Өзбекстанда,

Дүнья тыныш, еллер абадан болсын.

Шадлық сазы жаңлап ҳәр атқан таңда,

Ҳәр шаңарақта толы дастүрқан болсын.

 

Быйыл Жәйҳун дәрья мәўжирип тасып,

Егинге кенелгей Ўатан жерлери.

Қуўанғай табысы тәрези басып,

Қарақалпақ ҳәм Хорезм еллери.

 

Шағлаң, бирадарлар, ортаңыз толсын,

Жетиспек ғаниймет бул шадлы күнге.

Наўрыз байрамыңыз мүбәрәк болсын,

Аман бол, сүмелек қайнатқан жеңге.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги