Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Баспа ҳәм полиграфия тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қабыл еткен қарары билимлендириў тараўы ҳәм баспа хызметкерлери ушын оғада әҳмийетли ҳүжжет болып табылады.

Соңғы жыллары мектеп сабақлықларын басып шығарыўда баспа ҳәм халық билимлендириў министрлиги арасында бир қанша машқалалар жүзеге келген еди. Атап айтқанда, басып шығарылыўы тийис болған сабақлықлар тендерге қойылады да, онда жеңимпаз болған баспалар мүлкшилик түрине қарамастан, сол китаптың ҳуқуқый ийесине айланады. Нәтийжеде, сабақлықлар мәмлекетлик баспалар менен биргеликте жеке меншик баспалардың еркине өтеди. Мәмлекетлик баспаларда өзиниң қуўатлы баспаханалары бар, олар тендерден утып алған китапларын жоқары сапада ҳәм өз ўақтында басып шығара алады. Ал, жақында шөлкемлескен жеке баспалардың баспаханасы жоқ, ямаса бар болса да киши баспахана болып, қуўатлылығы кем. Нәтийжеде, олар жоқарыда биз айтқан баспаханаларда өзлериниң китаплары басылып болыўын гезек күтип отырады. Буның ақыбетинде сабақлықлар 1-сентябрь жағдайына таяр болмай қалатуғын ўақытлары ушырасатуғын еди. Халық билимлендириў министрлиги олардан сабақлықты қайтып алып, басқаларға тапсырыў ҳуқуқына ийе емес еди.

Мине, енди жаңа қарар бойынша сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларының бирден-бир ийеси халық билимлендириў министрлиги болып қалды. Министрликтиң қасында илимий методикалық орай деген бөлим бар, усы бөлим авторларға буйыртпа береди, қабыллап алады, зәрүр жағдайда өзгерис киргизиўди усыныс етеди ҳәм өзлери ҳәмме сабақлықты баспаханаға (типографияға) таярлап береди. Бурынғыдай ҳәр китапты ҳәр жерден излеп отырмайды.

Таяр болған сабақлықлар баспаханалар (полиграфия, типография) арасында тендерге қойылады. Қайсы баспахана арзан басып бериўди усынса, сол жаңимпаз болады ҳәм басып шығарыў ҳуқуқына ийе болады. Олар әлбетте мәмлекетлик стандартқа ҳәм сапасына толық жуўапкер болады.

Қарардың биринши бәнтиниң екинши сөз басында «баҳаларды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў (рентабельликтиң шекленген дәрежесин белгилеў) бийкар етиледи» делинген. Бул демек, бурын рентабельлик мәмлекет тәрепинен 15% етип белгилеўге руқсат етилген болса, енди тендерге қатнасыўшы баспаханалар оны 10%ке түсириўи ямаса бәсекиликке қарай жоқары көтериўи де мүмкин. Солай екен, сабақлықтың буннан былайғы баҳасы да китапты басып шығарыўға кеткен шығынның есабынан белгиленеди.

Сабақлықты басып шығарыўды бир жерден басқарыў бойынша өткен жылдан берли ҳәрекет исленип киятыр еди. Усы мақсетте 2019-жылы «Оқытыўшы илимий-методикалық баспа орайы» шөлкемлестирилип, оның ўалаятларда да бөлимлери (Қарақалпақстаннан тысқары) ашылған еди. Қарар менен бул орай сапластырылды. Себеби, еле оның механизми исленбеген, бул жерде де халық билимлендириў министрлиги өз мүлки болған сабақлық ҳәм оқыў-методикалық қолланбалардың ийеси есапланбайтуғын еди. Енди болса ҳәмме оқыў әдебиятына министрликтиң өзи ийелик етиў ҳуқуқына ийе болды, соның менен бирге, ҳәмме жуўапкершилик олардың мойнына жүкленди. Енди гейпара жағдайлардағыдай «қәте баспадан кеткен», «яқ, қәте билимлендириў министрлигиниң методикалық орайы тәрепинен кеткен» дегендей бир-биреўге силтеўлер болмайды.

Сондай-ақ, ҳәмме басылымлар ушын баспа «Ижод» қорына 1% муғдарында пул өткеретуғын еди. Бул, баспалар ушын қосымша шығын еди. Енди ол 2021-жылы 1-январьдан тоқтатылатуғын болды. Бул баспа ушын қуўанышлы жағдайлардың бири.

Қарардағы және бир қуўанышлы жағдай – исбилерменликти раўажландыраман, бәсекиге түсемен деўши исбилерменлерге қолайлы жағдай туўылды. Бурын баспа ямаса типография ашыў ушын лицензия алыўға айлап гезек күтиўге туўра келип, гезеги келген пайытта инструкцияның анаў яки мынаў бәнтине жуўап бермейтуғыны айтылып, бийкарлаўшы хатлар келип, исбилерменниң қолын суўытатуғын еди. Енди болса, сол лицензия бериў бийкар етилди. Баспа ашаман, типография ашаман деген исбилерменлер еркин ҳәрекет етиўине кең мүмкиншилик туўдырылды.

Қулласы, бул қарар баспа ҳәм полиграфия тараўының толық базар қатнасығына өтиўине мүмкиншилик беретуғын әҳмийетли ҳүжжет болып табылады.

 

Муратбай Нызанов,

«Билим» баспасының директоры.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.