Ибрайым ЮСУПОВ
ЖАРҚЫЛЫҚ, НАЎРЫЗДЫҢ БАЙРАМЫ КЕЛДИ
Мириўбеттиң нурын қуйып жанларға,
Жүрек шәўкилдесип, қуўантып елди,
Жарық сәўле берип атар таңларға,
Жарқылық, наўрыздың байрамы келди.
Күн күлимлеп, ҳаўа райы жөнлесип,
Дийқанды шақырар атыз «кел» десип,
Усы бүгин күн менен түн теңлесип.
Кеўиллерге теңлик дәўраны келди.
Жаслар желкилдесип, жүзлери жайнап,
Қартлар шүкираналық инсабын ойлап,
Наўрызлық гөжелер бүлкилдеп қайнап,
Көптен күткен тойдың әнжамы келди.
Бул жаңа күн «Наўрыз» дейип аталып,
Мийрим-шәпәәттиң нуры тутанып,
Әткөншеклер булдырыққа пәт алып,
Ақшам айқулаштың майданы келди.
Жәмәәт жәм болып, қәўми-қоғамлар,
Жеңгейлер наз етсе, күлип ағамлар,
Дәстурханды безеп татлы тағамлар,
Сүмелекти ертип қаймағы келди.
Сазенделер сазлап жаңлатып сазын,
Шаңлақта шағласып журт қурар бәзим,
Қаўышып көрисип абысын-ажын,
Салланысып қыз ҳәм жәўаны келди.
Жәнжел дүньясында базар саўылған,
Урыс жоқ, аразлық жоқ, бәрше баўырман.
Бар адамзат шыққандай бир аўылдан,
Татыўлық мүлкиниң султаны келди.
Жақсы үмитлер жуўып кеўил ғубарын,
Дүзелгей деп арасатлы заманың,
Руўхы шад болып ата-бабаның,
Аўнап түсип жатқан хабары келди.
Ҳақтың инаяты инсан кеўлинде,
Мийрибанлық, мириўбеттиң гүлиндей,
Шан-шәўкетли Өзбекстан елинде,
Күн күлимлеп бәҳәр әйямы келди!
Жарқылық, наўрыздың байрамы келди!
Март, 1991-жыл.
Қарақалпақстан хабар агентлиги