Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районлық бөлими басламасы менен районлық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы менен биргеликте аймақ турғынларына медициналық нықаплар бийпул тарқатылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, районда коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша профилактикалық жумыслар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.