Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў мақсетинде илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республикалық арнаўлы комиссияның қарарына бола, Өзбекстан Республикасы транспорт министрлиги 2020-жыл 20-март күнинен баслап халықаралық жөнелислерде автобус, жеңил автомобиль, темир жол ҳәм ҳаўа транспортлары арқалы жолаўшы тасыўшылар 40 күн мүддетке тоқтатылатуғынын мәлим етеди.
Бул шеклеў, автомобиль, авиа, темир жол, дәрья транспортларында әмелге асырылып атырған жүк тасыўлары ҳәм сыртқы саўда жүклерине қолланылмайды.
Өзбекстан Республикасы транспорт министрлигиниң
Мәлимлеме хызмети
ӨзА