Аббаз ДАБЫЛОВ,
Өзбекстан халық жыршысы.
БӘҲӘР ҲАҚҚЫНДА ҚОСЫҚ
Қар жамғырсыз қурғақ қәҳәр,
Нешше қыслар болды зәҳәр,
Нурын шашқан жер шарына
Быйылғыдай болса бәҳәр!
Қысты өткерип келип турғой,
Оң көз бенен көрип тур ғой,
Күлип сәлем берип тур ғой,
Недейсиз халық сәлемине?!
Бул бәҳәрди күтпегенде,
Мақсетине жетпегенде,
Бир белгилеп кетпегенде,
Биз қалармыз обалына.
Бәҳәр келип айтты қысқа,
– Кирисейин мен жумысқа,
Орныңды бер сен жылыс та,
Жаратылыс бәҳәрине.
Нәўбетиң питти сен деди,
Орын басарман мен деди,
Төгермен шапақ, нур деди,
Жер жүзиниң тамамына.
Соны айтып басты ирге,
Қар суўына қанған жерге,
Хабар берип искер ерге,
Кирисе берди ҳамалына.
Күннен алып шапақ – нурды,
Жерге ыссы ҳәўир берди,
Қыран қустай өзин урды,
Қыстың қалың қамалына.
Халықтың арқасын қоздырып,
Барлық жер бетин қыздырып,
Тоң менен музды буздырып,
Сәўирдиң жипек самалына.
Сәўир самалы ескенде,
Тоң қалмады он бес күнде.
Қызып кетип жер сескенди,
Бәҳәрдиң басқан қәдемине.
Тәбияттың нәўбәҳәри,
Бизиң Ўатанда қумары,
Дуўшарласып тур дийдары,
Ел-журтымның адамына.
Халқың буны аңлап билип,
Умтылды иске қулаш керип,
Тапқа келген жерди көрип,
Айланды халық талабына.
Бәҳәр басланғаннан бери,
Жайылғалы күнниң нуры,
Жасарып тур жердиң түри,
Мийрим қанды жамалына.
Ўатаның тур хызмет сорап,
Бәҳәр үстиңде тур қарап,
Жағаман деп тур шамшырық,
Мениң уллы Ўатаныма.
1964-жыл, март
Қарақалпақстан хабар агентлиги