Өзбекстан аймағындағы эпидемологиялық жағдай, кеселленгенлердиң жағдайы, қалаберсе, бул вирусқа шалынбаў ушын халқымыз тәрепинен әмелге асырылыўы лазым болған ўазыйпалар бойынша Министрлер Кабинети жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының баслығы, Республикалық бас мәмлекетлик санитария инспекторы Нурмат Отабеков мағлыўмат берди.

Өзбекстан Республикасында 17-март саат 9:00 ўақтында  8 наўқас дизимге алынған. Олардың барлығы Вирусология илимий тексериў институтына жайластырылған. Тийисли емлеў усылларын алмақта. Коронавирус инфекциясы бойынша жағдай қадағалаўда. Усы ўақытқа шекем мәмлекетимизде 7 мың 900 дан көп болмаған адамға карантин илажлары белгиленген. Олардың  5 мың 300 ге шамаласына карантин илажларын өтеп болғаны ҳәм кеселлик белгилери болмағаны ушын жуўап берилген. Ҳәзирги күнде  2100 адам қадағалаўда турыпты.

 

ӨзА