Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортынан Президентимиздиң айрықша көрсетпесине муўапық, коронавирустың алдын алыў илажларына жәрдем бериў мақсетинде Иран Ислам Республикасына гуманитарлық жәрдеми жиберилди.
Бул ҳаққында 2020-жыл 12-мартта Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли бийлигине қол қойылған еди.
– Иран Ислам Республикасы ҳүкимети Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа жаңа коронавирус «COVID-19» кеселлигиниң тарқалыўын сапластырыў ушын зәрүр болған медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеўде әмелий жәрдем көрсетиў бойынша мүрәжат етилген еди,- деди Айрықша жағдайлар министрлиги баспасөз хызметиниң хызметкери Самандар Ҳикматуллаев. – Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына тийкарыланып Иранның бул мүрәжатын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, усы инфекцияға қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги ис-ҳәрекетлерди күшейтиў мақсетинде стерилленген медициналық қолқаплар, қорғаўшы комбинезонлар, арнаўлы медициналық формалар, нықаплар, сийле, спирт, гигиеналық геллер ҳәм дәри-дәрмақлар сыяқлы улыўма салмағы дерлик жети тоннаға шамаласболған медициналық әсбап-үскенелер – гуманитарлық жәрдеми жиберилди.
Айрықша жағдайлар министрлиги гуманитарлық жүкти қәлиплестириў ҳәм жеткерип бериў ушын жуўапкер етип белгиленген. Жүкти бақлап барыў ҳәм тапсырыў ушын Иранға министрликтиң еки әскерий врачы – қәнигелер жөнеп кетти.
– Өмир қуўанышлы ҳәм қайғылы күнлерден ибарат,- деди Иран Ислам Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ҳамит Наерабади. – Коронавирустың дүнья бойлап тарқалыўы да дүнья халықлары ушын үлкен сынақ. Бундай қыйын күнлерде бир-биримизге дәртлес болыўымыз керек. Еллеримиз мәдениятында улыўмалық түсиник бар: ҳақыйқый дос басқа аўыр күн түскенде, қуўанышлы ҳәм қайғылы күнлерде бирге болады. Өзбекстан Республикасы иранлылар басына мине усындай аўыр ўақытлар келген ўақытта бириншилерден болып гуманитарлық жәрдемин жибергенинен жүдә қуўанышлымыз. Бул сақаўатлы жәрдем Наўрыз байрамы алдынан пүткил иранлылар қәлбинде умытылмас болып қалады. Иран Ислам Республикасының ҳүкимети ҳәм халқымыз атынан Өзбекстан ҳүкимети ҳәм дос, туўысқан халқына, әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа көрсетилген гуманитарлық жәрдеми ушын миннетдаршылық билдиремиз. Пүткил жер жүзилик коронавирусты биргеликте жеңип өтеди, деп үмит етемиз.
Иранда қалып кеткен 14 жүк тасыўшы айдаўшы, сондай-ақ, исбилерменлер – жәми 31 ўатанласымыз алып келинеди. Олар ҳәм самалёт экипажы ағзалары қайтып келгеннен соң, белгиленген тәртипте маман шыпакерлер, тараў қәнигелериниң бақлаўы астында еки ҳәпте карантинде сақланады.
Ҳәммемизге белгили, Президентимиздиң усы жыл 11-февральдағы Қытай Халық Республикасына гуманитарлық жәрдемин жибериў ҳаққындағы бийлигине бола 12-февральда Қытай Халық Республикасының Хубей провинциясына гуманитарлық жәрдеми жиберилди. Гуманитар жүк қурамында медицина бағдарындағы ең зәрүр өнимлер – бир мәртелик стерилленген медициналық қолқаплар, қорғаўшы комбинезонлар, жүз ушын филтрлеўши нықаплар бар еди. Сондай-ақ, 3-март күни де Өзбекстан Республикасы Президентиниң дос Қытай халқына дослық жәрдеминиң екинши партиясы – «Өзтоқымашылықсанаат» ассоцаициясының кәрханалары тәрепинен таярланған арнаўлы медициналық кийимлер, медициналық нықаплар ҳәм медициналық сийлелер жиберилди.
Хуршид ҚОДИРОВ,
ӨзА ның хабаршысы