Әзелден тәбияттың ояныў пасылы, жасарыў, гөззаллық байрамы болған «Наўрыз» әййямын күтип алыўға таярлық көриў ҳәм оны мүнәсип белгилеў ушын үлкен таярлықлардың көрилиўи халқымызда әдет түсине кирген. Быйыл да бул байрамға үлкен таярлықлар көрилмекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 11-март күнги арнаўлы бийлигине муўапық, 14-15-март күнлери елимиздиң барлық аймақларында «Абат журт» улыўмахалықлық абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў қайырқомлық шембилиги өткерилди.

Бул баслама пүткил халқымыз, соның ишинде, республикамыздағы барлық мийнет жәмәәтлери тәрепинен қоллап-қуўатланып, орынларда бир қатар абаданластырыў жумыслары алып барылды ҳәм майыплығы болған шахслар, жалғыз баслы кекселер, бағыўшысын жоғалтқан, кем тәмийинленген шаңарақлардан хабар алынып, турақ жайларын оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Бул илажды өткериўден мақсет – «Наўрыз» улыўмахалықлық байрамын мүнәсип күтип алыў менен бирге, елимизде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумысларға ҳәр бир адамның қатнасын қәлиплестириў, халқымыз арасында миллий қәдриятларымызға тән болған  өз-ара мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршиликти және де күшейтиў, бийғәрез жәрдем сыяқлы ийгиликли пазыйлетлерди беккемлеў, мәҳәллелерди, пуқаралардың жасаў орынларын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, республикамыздың барлық жерлеринде санитариялық жағдайды жақсылаў болып есапланады.

– Улыўмахалықлық шембилик даўамында республикамыз бойынша, жәми еки күн даўамында 1 миллион 289 мыңнан аслам адам қатнасты,-дейди Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикалық бөлиминиң атқарыўшы директоры А.Сапаров.  – 2799 гектардан аслам жер, соннан 469 қойымшылық, 9 зыярат етиў орынлары абаданластырылды. 2149 тонна шығынды шығарып тасланып, 855 километрлик жап-салмалар тазаланды. Сондай-ақ, таярланған жерлерге 366 мың 285 түп саяманлы терек,  254 мың 168 түп мийўе,  227 мың 207 түп гүл  нәллери егилди. 465788 түп теректи путаў, ҳәклеў жумыслары алып барылды. Бул жумысларға жәми 761 техника қатнастырылды.

Сондай-ақ, тийисли шөлкемлер менен биргеликте халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына да бийғәрез жәрдем көрсетилип, 799 шаңарақтың турақ жайларында оңлаў жумыслары алып барылды. 379 майыплығы болған шахслар ҳәм жалғыз баслы кекселерден хабар алынып, оларға материаллық жәрдемлер көрсетилди.

Улыўмахалықлық шембилик республикамыздың барлық район, қала ҳәм аўылларында шөлкемлескенлик пенен өткерилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.