Елимизде миллетлер аралық дослық – уллы қәдирият есапланып, 130 дан аслам ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң тыныш-татыў, абадан турмыста өмир сүрип атырғаны халқымыздың әзелден кеңпейил, дослықты сүйиўши халық екенлигин көрсетип турады.

13-март – қазақ халқының батыс үлкесинде Амал байрамы, яғный көрисиў күни сыпатында әзел-әзелден байрамланып келинеди. Бул күни қазақ халқы миллий тағамлар писирип, миллий ойынларды ойнап, байрамға жыйналғанларға сый-сарпайлар бериў сыяқлы ата-бабалардан киятырған дәстүрлер орынланады.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты түркий тиллер факультети қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының шөлкемтириўиндеги «Жаңарыў жыршысы – Әз Наўрыз» атамасындағы әдебий-композициялық кешеде қазақ халқының көп әсирлик үрп-әдет ҳәм дәстүрлери көрсетип берилди.

Кешениң ашылыўында сөзге шыққан институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров, Қарақалпақстан Қазақ миллий мәдений орайының баслығы Ж.Дәрменов ҳәм басқалар Наўрыз байрамының түркий халықлар турмысы, тарийхы ҳәм бүгинги күндеги әҳмийети, миллетлер аралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў бағдарындағы жумысларға айрықша тоқталды.

Соң байрамға жыйналған мийманларға қазақ халқының миллий тағамлары тартылды.

Институттың қазақ тили ҳәм әдебияты бағдарының, сондай-ақ, басқа да талантлы студентлериниң атқарыўындағы әдебий-композициялық бағдарламада домбырада қосықлар, термелер, атқарылып, жыйналғанлар йошлы намаларға аяқ-ойынға түсти.

Әсирлерден берли киятырған миллий ойынлар, соның ишинде, сақыйна салыў ойыны, түркмен ҳәм қазақ халықларының әзелий дослық қатнасықлары көрсетилген сахналық көринислер жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды.

Кеше соңында институттың бир топар профессор-оқытыўшылары Қарақалпақстан Қазақ миллий мәдений орайының ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўретлери.