Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими көргизбелер сарайында «Жас дөретиўши қызлар» атамасында таңлаў болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеби, Нөкис қаласындағы 1-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, Әмет бақсы атындағы 12-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинен  35 қәбилетли қыз өзлериниң 189 сүўретлеў ҳәм әмелий қол өнери үлгилери менен қатнасты.

Бул таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет, оқыўшы-жаслардың, соның ишинде, қызлардың көркем өнерге болған қызығыўшылығын буннан былай да арттырыўдан ибарат,-дейди Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң илимий дөретиўши қәнигеси Тоқтагүл Утепбергенова.-Соның менен бирге олар тәрепинен исленген мийнетлерди халыққа таныстырыў арқалы, оларда ана Ўатанға сүйиспеншилик, миллий қәдириятларымызға ҳүрмет сезимлерин күшейтиў, елимиздиң дөретиўши қызларына жаратылған шараятлар менен итибарды үгит-нәсиятлаў болып табылады.

Таңлаў жуўмағында графикалық, живопислик мийнети ҳәм қол өнер буйымлары үлгилери ушын Д.Мақсетова биринши, Э.Абдуллаева, У.Базарбаева  екинши, Ф.Даниярова, А.Утемуратова, Ж.Алпысбаевалар үшинши орынға мүнәсип деп табылды.

Жеңимпазлар Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң дипломы менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.