Университет талабаларининг қўл бериб сўрашиши тақиқланди

Журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетинде студентлердиң қол берип сәлемлесиўи шекленди. Университет ректоры дүньяда кеңнен тарқалып атырған коронавирус (COVID-19)  жуқпалы кеселлигиниң алдын алыў мақсетинде студентлер арасында усы қадағалаўды енгизген.

Бул жоқары оқыў орнының студентлери бир-бири менен қол берип сорасыўдан тыйылмақта. Кеселди емлеўден көре оның алдын алған мақул.

Бул бағдарда басқа университетлерде шеклеўлер жоқ. Мектеплерде оқыўшылардан тез-тез қоларын сабынлап жуўыў талап етилмекте.

 

ӨзА