Узатылған қызға тилек

 

Барған жериңде бахтың болсын,

Бақ дарыған тахтың болсын,

Алдыңнан ай туўсын,

Арқаңнан күн туўсын,

Жаманға қатыў бол,

Жақсы менен татыў бол,

Қолың ашық болсын,

Душпаның қашық болсын,

Жүзиң жарқын болсын,

Тутқаның алтын болсын,

Алтын басың саў болсын,

Алла тилегиңди берсин,

Ал тилекшиң халқың болсын,

Аллаҳыў әкбар!

***

Басың аман болсын,

Бақ қараған заман болсын,

Әўлийелер қорғасын,

Елиңе елеўли бол,

Халқыңа қәлеўли бол,

Жақсыны жақлағайсаң,

Сырласты сақлағайсаң,

Барған жериңе сый болып,

Тастай батып, суўдай сиңип,

Атаңның ақ пәтиясын,

Анаңның ақ сүтин ақлағайсаң,

Аллаҳыў әкбар!

***

Жыллы жүзли бол,

Жумсақ сөзли бол,

Ериңе жайлы бол,

Ел-журтқа сыйлы бол,

Қазаның оттан түспесин,

Үйиңнен дәўлет кетпесин,

Аллаҳыў әкбар!

***

Кең пейил берсин,

Кетпес дәўлет берсин,

Узақ өмир берсин,

Үзилмес әўмет берсин,

Елиңе муңлас бол,

Ериңе сырлас бол,

Үбирли-шүбирли бол,

Жуўсандай түбирли бол,

Босағаң мықлы болсын,

Аяғың қутлы болсын,

Аллаҳыў әкбар!

***

Ер адамның алдынан кесе өтпе,

Өз билгениң менен кетпе,

Ата-енеңди сый бил,

Күйеўиңди пир бил,

Көпшиликке кең бол,

Еки жаққа тең бол,

Ата салтыңды умытпа,

Туўған халқыңды умытпа,

Ағайинге қайырымлы бол,

Аға-иниге мийримли бол,

Сырласқа қуўаныш бол,

Муңласқа жубаныш бол,

Үлкенге ҳүрметте бол,

Кишиге иззетте бол,

Ата атандырма,

Сүйек сындырма,

Алла жолыңды оңласын,

Бийби Патпа қолласын,

Аллаҳыў әкбар!

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги