12-март күни Россия Федерациясы Тергеў комитетиниң баслығы Александр Бастрикин басшылығындағы делегацияның мәмлекетимизге сапар етиўи басланды.

Сапар етиў бағдарламасына бола, дәслеп делегация ағзаларының Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев пенен ушырасыўы болып өтти.

Сәўбетлесиў даўамында мийманларға Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимиз турмысының барлық тараўларында, атап айтқанда, суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мәртебели мийман да өз гезегинде Россия Тергеў комитетиниң бүгинги күндеги жумысы, халықаралық байланыслардың ҳәзирги жағдайы, Өзбекстан менен өз-ара пайдалы қарым-қатнасларға байланыслы режелер ҳаққында айтты.

– Бириншиден, Ташкенттиң әжайып, бийтәкирар ҳаўа-райынан ҳайран қалғанымды атап өтиўди қәлер едим, – деди А.Бастрикин. – Қуяшлы Өзбекстанда бәҳәр мәўсими балланып кетипти. Мен сөзимди бийкарға ҳаўа-райынан басламадым. Мине тап усындай гөззал ықлым бизге унамлы, көтериңки ҳәм дослық кейпият бағышлап, тәреплерди нәтийжели сәўбетлесиўге руўхландырады. Алдымызда әҳмийетли ўазыйпалар турыпты. Қарым-қатнасларды  жетилистирип, бирге ислесиўди беккемлеп, әҳмийетли келисимлерге ерисиўимиз зәрүр. Нызам үстинлиги, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда бирге ислесиўдиң жаңа қырларын ашыў нийетиндемиз.

Илаж қатнасыўшылары Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы менен Россия Федерациясы Тергеў комитети арасындағы бирге ислесиў  профессионал қарым-қатнасларды жолға қойыў ҳәм шәртнамалық-хуқықый базаны  беккемлеў арқалы избе-излик пенен раўажланып атырғанлығын атап өтти.

Тәреплер өз-ара пайдалы кең көлемли мәселелерди додалады ҳәм уйымлараралық  бирге ислесиўди және де күшейтиў перспективалары бойынша пикир алысты.

лорпл.JPG

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы менен Россия Федерациясы Тергеў комитети арасындағы бирге ислесиў ҳаққындағы Келисимге және 2020-2021-жылларға мөлшерленген уйымлараралық бирге ислесиў Бағдарламасына қол қойылды. Бул ҳүжжетлердиң турмысқа енгизилиўи ҳуқықый тараўда мәлимлеме ҳәм алдынғы тәжирийбе алмасыў арқалы  еки тәреплеме бирге ислесиўдиң раўажланыўын жаңа басқышқа  көтериўге хызмет ететуғынлығы атап өтилди.

Ишки ислер министри Пўлат Бобожонов ҳәм Александр Бастрикин арасындағы ушырасыў даўамында тәреплер жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў тараўындағы еки тәреплеме мүнәсибетлер бағдарында пикир алысты. Жынаят ислери бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиў ҳәм айыпланыўшы шахслар экстрадициясына байланыслы жумысларда өз-ара бирге ислесиўдиң унамлы динамикасы атап өтилди.

Республика ишки ислер уйымларының системасы комплексли реформаланып атырғанлығы, соның ишинде, ИИМ Тергеў бас басқармасы ИИМ жанындағы Тергеў департаментине айландырылғаны атап өтилди. Жынаятларды өз ўақтында ашып бериў, тергеўди ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс алып барыў, сондай-ақ, орынлардағы тергеў бөлмелериниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў Тергеў департаментиниң тийкарғы ўазыйпалары қатарына киретуғынлығы атап өтилди.

Жаслар ҳәм ҳаял-қызларға байланыслы мәселелерге итибар күшейтилгени, ҳәр бир қалалық ҳәм районлық ишки ислер бөлиминде ҳаял-қызлар мәселелери бойынша инспектор лаўзымы енгизилгени атап өтилди.

Терроризм, экстремизм ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Россия ишки ислер министрликлериниң оператив-излеў жумыс тараўындағы бирге ислесиўи менен байланыслы мәселелер додаланып, еки тәреплеме муўапықластырыўшы ишки топардың жумысы да көрип шығылды.

Ушырасыў жуўмағына бола, Өзбекстан Республикасы ИИМ жанындағы Тергеў департаментиниң хызметкерлери ушын Россия Тергеў комитети жоқары билимлендириў мәкемелери негизинде қысқа мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестириў және Өзбекстан Республикасы ИИМ Академиясы және Россия Федерациясы Тергеў комитети Академиясы арасында узақ мүддетли бирге ислесиў орнатыўға келисип алынды.

Ушырасыў исшеңлик руўхында, ашық-айдын сәўбетлесиў түринде өтти.

Сол күни Россия Тергеў комитети баслығының басшылығындағы делегация Өзбекстан Республикасы Жоқары судында да болып, Жоқары суд Баслығы Козимжон Комилов пенен ушырасты.

Сөйлесиў даўамында мийманларға мәмлекетимиз суд-ҳуқық системасында болып атырған унамлы өзгерислер, атап айтқанда, мәмлекетте нызамшылық тийкарларын беккемлеў, суд системасы структурасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў, судлардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған илажлардың тийкарында толық мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, әмелге асырылып атырған реформалардың тийкарғы мақсети суд ҳәкимиятының еркинлигин, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери исенимли қорғалыўын тәмийинлеў және әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыўдан ибарат.

Ушырасыў шеңберинде тәреплерди қызықтырған басқа да мәселелер додаланды.

Өз-ара сөйлесиўлер еки мәмлекеттиң ҳуқық қорғаў уйымлары арасында қәлиплескен нәтийжели байланысларды және де беккемлеў жолында әҳмийетли  қәдем екенлиги атап өтилди.

Россия Федерациясы Тергеў комитетиниң баслығы Александр Бастрикин басшылығындағы делегацияның мәмлекетимизге сапары даўам етпекте.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы