Наўрыз – Жылбасы тилеклери

Жаңа жыл оң болсын,

Жақсылық мол болсын,

Байлығымыз көп болсын,

Бәле-мәтер жоқ болсын,

Арыслан бап апаттан сақласын,

Шайхы Ахмет шатақтан сақласын,

Шиблий ата шығыннан сақласын,

Ғайып ата ғыйбаттан сақласын,

Ҳәким ата ҳәкистен сақласын,

Ҳәмий ата ҳәр истен сақласын,

Қошқар ата қырсықтан сақласын,

Тоқпақ ата тил-суқтан сақласын,

Бәўетдин ата бәледен сақласын,

Жәлил ата жаладан сақласын,

Нарынжан баба насақтан сақласын,

Жантемир ата жапсақтан сақласын,

Маштақ ата мәдеткер болсын,

Сейтек ата себепкер болсын,

Жаратқан ийем тилегимизди берип,

Жылымыз илая оңынан келсин,

Әмин, Аллаҳыў әкбар!

***

Алла алқасын сақласын,

Аты жоқ жаласынан сақласын,

Атаның назасынан сақласын,

Ананың наласынан сақласын,

Ағайинниң аласынан сақласын,

Аламанның таласынан сақласын,

Қасарысқан даўдан сақласын,

Қасымкер жаўдан сақласын,

Қанлы аўыз бөриден сақласын,

Қанлы қол урыдан сақласын,

Қарабас даўлыдан сақласын,

Қатымсыз дуздан сақласын,

Қайтып келген қыздан сақласын,

Қарымсыз телимнен сақласын,

Қайырымсыз келиннен сақласын,

Қайғысыз улдан сақласын,

Қара нийет қулдан сақласын,

Қарашыл гүңнен сақласын,

Қаралы күннен сақласын,

Әмин, Аллаҳыў әкбар!

***

Алла алқасын, сақласын,

Алағат булттан сақласын,

Алаўыз журттан сақласын,

Алдаў сөзден сақласын,

Арбаў көзден сақласын,

Алағайым ерден сақласын,

Алакесек жерден сақласын,

Асығыс шапқаннан сақласын,

Асып-тасқаннан сақласын,

Азып-тозғаннан сақласын,

Антты бузғаннан сақласын,

Ақбайтал азғыннан сақласын,

Арсыз мәжгүннен сақласын,

Ай аман, жыл жақсы келип,

Абыржы күннен сақласын,

Аллаҳыў әкбар!

***

Көп берсин, көл қылсын,

Несибемизди мол қылсын,

Жарылқа да жанлы қыл,

Есиркеде маллы қыл,

Ҳақтан болсын инаят,

Пайғамберден шәпәәт,

Жақсылардан шарапат,

Пирлерим өзиң жыйылып,

Тум-тусымызды қамал ет,

Түрли бәледен аман ет,

Әмин, Аллаҳыў әкбар!

 (даўамы бар)

Қарақалпақстан хабар агентлиги