Пайтахтымыздағы «Өзэкспоорай» миллий көргизбелер комплексинде «Аўыл хожалығы – AgroWorld Uzbekistan – 2020» халықаралық көргизбеси өз жумысын баслады.

«Iteca exhibitions» халықаралық көргизбелер компаниясы тәрепинен шөлкемлестирилген бул көргизбеде Өзбекстан менен бир қатарда, Германия, Австрия, Испания, Франция, Бельгия, Уллы Британия сыяқлы дүньяның 20 мәмлекетинен 170 жергиликли ҳәм сырт ел компаниялары қатнаспақта.

photo5424893778088537751.jpg

Аўыл хожалығы елимиз экономикасының жетекши тармақларынан бири болып, аграр сектордың жумысын заман талабы дәрежесинде шөлкемлестириў бүгинниң әҳмийетли мәселеси болып табылады. Сонлықтан, тараўға инновациялық агротехнологияларды енгизиў ҳәм жоқары өндирислик қуўатлықларға ийе болған аўыл хожалығы техникасы менен тәмийинлеўде бул көргизбе үлкен әҳмийетке ийе.

– Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2019-жыл 23-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманы бул бағдарда мәмлекетлик реформалардың жаңадан раўажланыў жолын көрсетип берди, – деди «Iteca exhibitions» халықаралық көргизбелер компаниясы бас директорының орынбасары Ойимхон Бобожонова. – Быйыл он бесинши мәрте шөлкемлестирилип атырған көргизбе қусшылық, шарўашылық, ғәлле ҳәм мийўе-овощты қайта ислеў тараўындағы ең жаңа нәтийжелерди көрсетиў ушын тармақ профессионаллары, инвесторлар, ҳәкимият ўәкиллери, еркин экспертлер ҳәм дийқан хожалықлары ийелерин бир мақсетке бирлестириўге хызмет етпекте. Қалаберди, бул абырайлы илаж Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң рәсмий жәрдеминде өткерилип келинбекте. Өткен жыллар даўамында көргизбелер жумысында мыңнан аслам халықаралық компаниялар қатнасты, оларға келген профессионаллардың саны болса 37 мыңнан асып кеткени бизди оғада қуўандырады.

photo5424909184136228432.jpg

Быйылғы көргизбе павильионларында шарўашылық ҳәм қусшылық ушын үскенелер, аралас жем, ветеринария, дән өнимлерин сақлаў ҳәм қайта ислеў үскенелери, мийўе ҳәм овощлар, сақлаў ҳәм қайта ислеў, ыссыханалар ушын үскенелер сыяқлы бөлимлер жумыс ислейди. Итибарлы тәрепи қатнасыўшылар арасында 44 компания биринши мәрте қатнасып атырған болса, олардың алтаўы жергиликли ислеп шығарыўшылар болып есапланады.

– Бул дәстүрге айланған көргизбениң турақлы қатнасыўшысымыз, – деди Ташкент ўәлаятындағы «Шыршық аўыл хожалығы техникасы заводы» АЖның маркетинг бөлими хызметкери Жасур Жаббарқулов. – Кәрханамыз тәрепинен ҳәзирги күнде 26 түрдеги аўыл хожалығына керекли техника ҳәм үскене ислеп шығарылады. Өнимлеримизге ишки базар ҳәм қоңсы еллерде талап жоқары. 2016-жылы өз жумысын баслаған заводымыздың раўажланыўы ушын усындай көргизбелер әҳмийетли роль атқарады.

photo5424893778088537750.jpg

Көргизбе павильонларында Түркия компаниялары белсене қатнасып атыр. Онда «Askomak» компаниясы да өз өнимлерин көрсетпекте.

– Мақсетимиз елиңиз базарын үйрениў, – деди усы компанияның ўәкили Мустафо Ёлқин. – Усы ўақытқа шекем биз өнимлеримизди Россия, Қазақстан, Африка ҳәм Азия мәмлекетлерине таныстырып үлгергенбиз. Бул мәмлекетлерде офислеримиз ислеп тур, заводлар шөлкемлестирилген. Енди гезек Өзбекстанға компанияда ислеп шығарылып атырған аралас жем, дән өнимлерин қайта ислеў үскенелерин усыныў ҳәм офис ашыў. Бул халықаралық көргизбе оған жақсы имканият жаратады деп ойлаймыз.

photo5424909184136228436.jpg

Көргизбе шеңберинде Өзбекстанның глобал агросанаат форумы шөлкемлестирилди. Бул «UGAF 2020» илажы презентациялар, шеберлик сабақлары, профессоналлардың ушырасыўларына үлкен имканият жаратты. Оның жалпы мәжилисинде Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен елимиздиң аўыл хожалығын раўажландырыў стратегиясының усынылыўы үлкен әҳмийетке ийе.

 

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы