O’ztemiryo’lyo’lovchi акционерлик жәмийетинен мәлим етиўинше, 2020-жыл 10-марттан баслап, усы заманагөй үскенелер Афросиёб поездларында сынаў түринде жолға қойылды. Сынаў тамамланғаннан соң, жолаўшылар поездқа шығыўдан алдын кассаларға барып жүрмей, электрон түрде сатып алған билетлерин вокзалдағы қадағалаў-өткериў пунктиниң хызметкерлери және вагон бақлаўшыларына көрсетеди.

Олар арнаўлы қурылмалар жәрдеминде электрон билетлердиң ҳақыйқый екенлигин тексерип көреди.

Бул үскенелердиң енгизилиўи жолаўшыларға көрсетилетуғын хызметтиң сапасын ҳәм көлемин және де кеңейтиўге имканият жаратады.

 

ӨзА