Нөкис қаласындағы «Нәўпир» мәкан пуқаралар жыйынында ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллериниң аймақ турғынлары менен «Сергеклик –  дәўир талабы» атамасында ушырасыўы өткерилди.

Ушырасыўда Нөкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммед жомъе» мешити имамының орынбасары А.Жолаўшиев, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў топарының аға оператив ўәкили Е.Айтымов, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң дин ислери бойынша бас қәнигеси Х.Незаматов, 4-санлы ИИБ баслығы F.Пирниязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, миссионерликтиң жәмийеттиң раўажланыўына қәўипи, «ғалабалық мәденият» пенен байланыслы идеологиялық қәўиплердиң алдын алыў мәселелерине кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги дәўирде дүньяның раўажланыўына үлкен қәўип туўдырып атырған терроризм ҳаққында сөз еткенде, мәселениң төркини диний фундаментализм, экстремизм ҳәм фанатизм қубылысларына барып тақалады. Диний фундаментализм ҳәм экстремизм он мыңлаған адамлардың набыт болыўына алып келип атырған террористлик ҳәрекетлердиң тийкары болып хызмет етпекте. Басқаша айтқанда, террористлик әмелияттың идеологиясы диний фундаментализм ҳәм экстремизм болмақта.

Жаслар ҳәзирги ўақытта олар ушын жаратылып атырған имканиятлардан толық пайдаланып, терең билим алып, спорт пенен шуғылланып ҳәм басқа да жәмийет ушын пайдалы жумыслар менен шуғылланып, елимиздиң еле де раўажланыўы ушын хызмет етсе мақсетке муўапық болар еди. Усындай жаслар аз емес. Бирақ гейпара жаслардың жат ағымлар тәсирине түсип кетип атырғанлығы да сыр емес.

Ҳәзирги ўақытта терроризм ҳәм диний экстремизм иллетлериниң күшейиўине жол қоймаў ушын жаслардың бул жолға адасып кирип кетиўиниң алдын алыўдың әҳмийетин ҳәр бир ата-ана жақсы түсиниўи керек.

– Бүгинги күнде инсаниятқа қәўип салып турған диний экстремизм, терроризм сыяқлы иллетлердиң өзлеринше халифалық дүзип, ислам динин нықап етип өзлериниң жаўыз нийетлерин әмелге асырып атырғанлығы ашынарлы жағдай,-дейди «Наўрыз» МПЖ баслығы Х.Садиров. – Ушырасыўда аймақ турғынлары менен жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, усындай иллетлерге қарсы бирге гүресиў бойынша исленетуғын жумыслар келисип алынды.

Илажда қатнасыўшыларға темаға байланыслы водеоролик қойып берилди.

Илаж қатнасыўшылары ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери ҳәм қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.