Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен жазаны орынлаў мәкемелеринде жаза мүддетин өтеп атырған айырым қамақтағы ҳаял-қызларды әпиў етиў бойынша билдирилген басламасы шеңберинде Президент жанындағы Әпиў етиў мәселелери бойынша комиссия, басқа да жуўапкер уйымлардың ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар шөлкемлестирилип, тиккелей орынларға шыққан ҳалда қамақтағы ҳаял-қызлардың шахсын үйрениў ҳәм олар менен жеке тәртипте сөйлесиўлердиң өткерилиўи тәмийинленди.

Өткерилген илаждың жуўмағы бойынша Комиссияның адасып, билип-билмей жынаятқа қол урған, ҳәзирги ўақытта қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен бир топар қамақтағы ҳаял-қызларды әпиў етиў ҳаққындағы усынысы Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен мақулланып, «Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы мүнәсибети менен еркинен айырыў жазасын өтеп атырған бир топар қамақтағы ҳаял-қызларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойылды.

Пәрманға муўапық жаза мүддетин өтеп атырған 83 ҳаял-қызлар әпиў етилди.

Әпиў етилген ҳаял-қызлардың 12 си жазадан толық азат етиледи, 29 ы жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етиледи, 17 сине тайынланған жаза жеңилирек жаза менен алмастырылады, бир сөз бенен айтқанда, 58 ҳаял-қыз жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилмекте. Сондай-ақ, 25 қамақтағы ҳаял-қызларға тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылады.

Әпиў етилгенлердиң 7 син сырт ел пуқаралары қурайды.

Бул ўақыя елимизде халқымызға тән ҳаял-қызларды қәдирлеў, ҳаял-қызларға ҳүрмет көрсетиў, кеңпейиллик, мийрим-шәпәәт, инсаныйлық ҳәм кеширимли болыў сыяқлы жақсы пазыйлетлердиң көрсетилиўиниң әмелий көриниси болып есапланады.

Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген ҳаял-қызларды шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарыў, социаллық турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орнын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.

 

ӨзА