Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының
6-бәнтине муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы

Қ А Р А Р     Е Т Е Д И :

Мәмлекетимизде әзиз ҳаял-қызларды қәдирлеў, олардың мәмлекет ҳәм жәмийет турмысындағы тутқан орны ҳәм абыройын арттырыў, ҳаял-қызларымыздың шаңарақларда мәнаўий-әдеп-икрамлылық орталығын беккемлеў, перзентлеримизди миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында саламат ҳәм нәўқыран етип тәрбиялаў, елимизде әмелге асырылып атырған реформаларды нәтийжели әмелге асырыў ҳәмде халықтың абаданлығын жақсылыў жолындағы хызметлерин мүнәсип баҳалаў мақсетинде төмендеги ҳаял-қызларымыз көкирек белгилери менен сыйлықлансын:

“Ардақлы нураный” көкирек белгиси менен:

Мухаммеддинова  Абадан Халмуратовна – “Алтын мийрас” халықаралық қоры Қарақалпақстан бөлими баслығы

“Ўатан пидайысы” көкирек белгиси менен:

Палыбекова Индира Алматбаевна – Бозатаў районы ҳәкиминиң орынбасары – мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы

Атаджанова Феруза Балтаевна – “Өнермент” бирлеспесиниң Төрткүл районы бөлими баслығы

“Үмит ушқыны” көкирек белгиси менен:

Карамова Рано Сарсенбаевна – Қарақалпақстан Республикасы 1-санлы “Меҳрибанлық үйи” тәрбияланыўшысы

Оразмухаммедова Махим Абдикарим қизи – Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дене тәрбиясы ҳәм спорт факультети студенти

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы            М.Ерниязов

 

Нөкис қаласы,  5-март,  2020-жыл