Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 4-март күнги «Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-курс магистранты Назокат Ибрагимова, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 2-курс студенти Динара Нуратдинова, сондай-ақ, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 3-курс студенти Назокат Шарипбаева хорезмли қызлар арасынан Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың быйылғы лауреатлары болғаны ҳаққында хабар берген едик.

8-март күни Нөкис халықаралық аэропортында мәмлекетлик сыйлықтың лауреатларын салтанатлы күтип алыў илажы болып өтти.

Илажға жоқары оқыў орынларының басшылары, профессор-оқытыўшылар, белсенди жаслар ҳәм мәмлекетлик сыйлыққа мүнәсип деп табылған қызлардың ата-аналары, жақын әғайин-туўысқанлары қатнасты.

Илажда жоқары оқыў орынларының басшылары ҳәм ата-аналар сөзге шығып, қызлардың бул жетискенлиги, сондай-ақ, халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы менен қутлықлады, олардың оқыў ҳәм дөретиўшилик жумысларына табыслар тиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўретлери.