ҲАЯЛ

 Қобыз толғаўына қулақ сал, енди,

Ышқы-пығанларың әйленер баян!..

Зарпын айралықтың, усы әлемде,

Сеннен көп шеккенлер бармекен, ҳаял?!

Гәҳи Баршын болып, гәҳи Гүлшийра,

Гәҳи перзент күтиў, гәҳи яр күтиў,..

Ада болғанбекен күтиў, бул, сирә!-

Ярды ҳаял күтиў ҳәм дияр күтиў?!

Мәйли Искендер ме, Гитлер ме, мәйли,

Өскен мәсканыңа ысқыртқан садақ,

Я ул, я ярыңа тиймей қоймады,

Сениң дил-қәлбиңе ислерин қадап!

Сонда… қәлбиң сениң айналып тасқа,

Қайсар Тумаристиң қайрап қылышын,

Кеўлиң ғамға толып, көзлериң жасқа,

Семсер сермерсең сен қыршын улың ушын!

Қәлбиң тас емес-ғо – ақ жумақ пахта! –

Мийтин болар екен ол-ҳәм қат-қабат! –

Қызың от ишинде шыңғырған ўақта,

Муздай қолларыңды силикти автомат!..

Енди… дар салланған қарлы алаңда,

Қалай сен турарсаң нәзик гүл болып?!–

Бөпең Освенцимда отқа қаланған:

«Апа – ааа!..» деўи менен өшсе күл болып!..

Сени жумсартыўды ойласам базда,

Күлкиң жутандырып гүлге теңеймен!

Лийкин, «Анажан» деп, ишимнен азнап,

Сени «ЎАТАН!» деймен, «ҲАЯЛ!» демеймен!..

1986-жыл

 

 

АНАЖАН

 Бир қара аспанға, қара, ана жан,

Ғазлар ғайры еллерге қайтып баратыр,

Бизге хошаллияр айтып баратыр,

Бир қара аспанға, қара, анажан!

 

Жылўан жап бойлары, сүйрикли жасқа…

Жаслық – бул-ҳәм бәҳәр. орны бир басқа.

Бир қара аспанға, бир қара ғазға,

Қыз күниңди еске салар, анажан.

 

Тулымың қосылып, қасың қыйылып,

Шәңгил созғаныңда суўға ийилип,

Жаўтаңлап жасқадан кеткен бир кийик,

Билсең-қыз күнлериң болар, анажан…

 

Бәлким, көргендурсаң ерке ылағын,

Өзин көрмек жоқдур суўаттан тағы!..

Тунбаға еңкейсең шашыңның ағы,

Суўға гүмис ирең салар, анажан.

 

Бой жеткели қанша жаз өтти екен,

Жазды жыйнап неше ғаз кетти екен!

Ғаздай қатарласып, жас өттимекен,

Жүзиң жылдан жылға солар, анажан.

 

Гәҳи бәлент ушып, гәҳи сарқылып,

Бурымыңнан суўырылған тындай тартылып,

Нәўбәҳәрди ертип келген жарқылық,

Қоңыр гүзди- ҳәм ертип барар, анажан.

 

Ғазлар қайтқан сайын көкке қарайман:

«Мениң жубанышым – мениң шарайнам, –

Анамды әкетпең?!.» деп-ҳәм сорайман,

Кеўлим ғул-ғулаға толар, анажан!…

 

Бир қара аспанға, қара, ана жан,

Ғазлар ғайры еллерге қайтып баратыр,

Айралық қосығын айтып баратыр,

Мейли, хошлассын тек солар, анажан!…

 

Шаўдырбай СЕЙИТОВ

1971-жыл

АЙЛЫ ТҮН

Аппақ болып ерик гүллеген ақшам,

Ай нурында арыў жүзиңе бақсам,

Шашыңа бир түйир райхан гүл тақсам,

Тәкаббырлық етип қақпа қолымды.

 

Думанда қалғандай зорға булдырап,

Нурға көмилерме бунша әтирап?

«Қус жолы» жулдызлы аспанға қарап,

Көп сағындым жүзиңдеги қалыңды.

 

Әллеким алыста өз ўақтын хошлап,

Ашықлық қосығын айтып ой таслап,

Қоңыраўдай даўысы ләззет бағышлап,

Әсте шертип өтти, кеўил тарымды.

 

Кел арзыўлым, нәўбәҳәрдиң сейилине

Саўлатың сән берсин таңның гүлине

Аспан төңкерилген суўдың түбине,

Әлўан түрли қыялларым малынды…

 

 

ОНДА БӘҲӘР ЕДИ…

 Онда бәҳәр еди – гүл еди сайлар,

Сеннен хабарым жоқ өтипти айлар,

Кеўлиң сезгир болса, бәрин абайлар,

Кеўлим – кеўилиңнен ҳәргиз айырылмас.

 

Сонша қыз ишинде қыздың ағласы,

Саған аўды екен кимниң ықласы?

Өртер мени көзлериңниң аласы,

Сенсиз менде ышқы оты тутанбас.

 

Бағларды сайранлап таппай парасат,

Таңда сени ойлап болдым бийтақат,

Муҳаббатсызлардан – күтпе муҳаббат,

Бәлки, сени мендей болып сүйе алмас.

 

Бахтыяр емеспен – бийопа болсаң,

Жаслығым қайда? – деп айтпа алдансаң,

Әрманда сен қалсаң, яки мен қалсам,

Айралық жолында хош қал, қарындас.

 

«Дөңгеленип тақыя ушса – бас қалар,

Қара сызық осма кетип қас қалар»

Сени сүйген кеўлим мудам жас қалар,

Муҳаббат көз жасын ҳешким тыялмас.

 

Жыллар бул жаслықты урлап баратыр,

Ўақыт қызыл жүзди торлап баратыр,

Не бир мен-менлерди қорлап баратыр,

Адам бир туўылар, қайтып туўылмас…

Узақбай ПИРЖАНОВ

1966-жыл