Усы жылдың 2-март күни Қазақстан Республикасының Шымкент қаласында жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды кино тараўына қызықтырыў, кино өнерин раўажландырыў бойынша ҳәр жылы өткерилетуғын «Киноарт-2020» VII ҳәўескер кинорежиссёрлар фестивалы өткерилди. Бул ҳаққында «Өзбеккино» миллий агентлиги хабар берди.
Усы фестивальда «Қарақалпақкино» агентлиги және Республикалық кинопрокат орайының қоллап-қуўатлаўында Қарақалпақстан Республикасынан 2 жас режиссёр – Марс Орынбасаров ҳәм Азиз Алламбергенов, сондай-ақ, оператор Бахрам Сейтжановлар қысқа метражлы фильмлери менен қатнасты.
Фестивальдың сыйлықлаў салтанатында жас режиссёр Азиз Алламбергенов «Тракторшы» фильми ушын 2-орын менен, усы фильмдеги күйеў бала образы Жақсымбай Абылаев «Ең жақсы актёр» номинациясы менен ҳәм фильмниң операторы Бахрам Сейтжанов «Ең жақсы оператор» номинациясының жеңимпазы деп табылды.
Және бирж ас режиссёр Марс Орынбасаров «Устаз» фильми ушын «Ең жақсы тема» номинациясы ҳәм фестивальда қатнасқаны ушын миннетдаршылық хаты менен сыйлықланды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.