Онда бәҳәр еди…

Онда бәҳәр еди, онда жаз еди,

Бизлер дийдарластық еки мәртебе.

Басқан қәдемлериӊ жилўа-наз еди

Бәри өтип кетти. Мисли қамтәме.

Мен сол бәҳәрдеги көштеймен енди,

Сулыўлық дүньясын түсинбек болсам.

Сениӊ қәўметиӊди еслеймен енди,

Бәҳәрди қағазға түсирмек болсам.

Сондай бәҳәр едиӊ сен ырасында,

Сол бир шалғын суўлар…сол бир ески жол.

Әтирап дөнер еди, көкли-жасылға,

Лекин, сениӊ менен гөззал еди ол.

Сени күтер  еди гүллер ырғалып.

Алыс қуўаныштай күткен, сағынған.

Сени ата-анаӊ қасына алып,

Көшип барар еди туўған аўылдан.

Көшип барар еди пүткил қыялым,

Өзге бир мәнзилге, мәканға басқа.

Сонда толқынланып тебиренген жаным

Қайта өз қәлпине келмеди ҳасла.

Қайта өз қәлпине келмес ҳешқашан

Сол бир хош сезимлер, сол бир қуўаныш.

Бизлер екеўмизден бир намыў-нышан

Ерте бәҳәр болып жасар туў алыс.

…Өтти талай жыллар, тағы ушыраттым

Ағын суў бойында, жаздыӊ айында.

Тартына-тартына саған тил қаттым

Муҳаббат жайында, жаслық жайында.

Сен ҳәм сезип турдыӊ, ҳәммеси заӊлы.

Жаслық сулыў еди, жаслық шоқ еди.

Бирақ қоӊыр гүздиӊ қуяшы яӊлы

Сөзимиз жайдары, қызғын жоқ еди.

Сонда түсингенбиз, өмир сабағы

Ҳасла тәкирарланбас, ҳасла кеширмес.

Бир йошсыз жазылған қосықтай тағы

Тарийх деп өмириӊниӊ бәҳәрин көширмес.

Мейли көширмесин, келмес ашыўым,

Татлы сезим, татлы әрманым ушын.

Әлўан түс иреӊниӊ қушақласыўын

Қайтадан есиме салғаныӊ ушын.

Онда бәҳәр еди, онда жаз еди,

Бизлер дийдарластық еки мәртебе.

Басқан қадемлериӊ жилўа-наз еди,

Лекин, бенденики мудам қамтәме….

 

Улмамбет ХОЖАНАЗАРОВ

 

 

БӘҲӘР ЖАҢБЫРЫ

Баратырман алға умтылып,

Үнсиз айнала,

Жаңбыр жаўар ҳәм ол ынтығып,

Мени аймалар.

 

Топарласып бултлар алыста.

Жолсыз гезеди,

Аспан төрин сырлы нағысқа,

Олар безеди.

 

Шашларымды майда тамшылар,

Суўлап таслады.

Ҳәм алдымнан күлип күн шығар,

Дала жаснады.

 

Көгисленип таллар әтирапта,

Әсте ырғалар,

Гүмис тамшы туңғыш жапырақта,

Төмен сырғанар…

 

***

 

Аспан жүзин

Бултлар қаплады.

Ҳәм гүлдирмама

Тынбай датлады,

Арқа тәрептен,

Даўыл турды да,

Жаңбыр жаўып өтти,

Ойды – қырды да,

Тозаӊғып жүрген

Шаң басылды,

Әтирап азада, –

Гүлли жасыллы,

Бултлар дизбеги,

Көшип баратыр,

Таллар далада,

Шомылып атыр…

 

ӘРМАН

Бәҳәрдиң сағынышлы таңы атқанда,

Тәбият қуяштан ләззет тапқанда,

Сени ойлап жаным муңға батқанда,

Дәрья кәнарында узақ турарман.

 

Көзимди айырмай сырлы ағыстан,

Узақлап кете алмай турсам жағыстан,

Кеўлимди өртеген ғайры-нағыстан,

Мәс кисиге мегзеп бийҳуш боларман.

 

Жийенбай дер: күйдирдиң ышқы сазына,

Минезиң тәбия түслик ғазына,

Сениң ат көтермес жилўа – назыңа,

Шайырлық шәрт пенен мәңги қумарман.

 

Кеўлимизди жалғар үзилмес тарсаң,

Дүньяда гөззаллық бар болса – барсаң,

Жаңғыз маған емес, мыңға унарсаң,

Жигит жүрегине әне сол әрман!

 

Жийенбай ИЗБАСҚАНОВ