ПРЕМЪЕРА

Усы жыл 26-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында түрк драматурги Тунжер Жуден ўғлуның режиссёр Мархабай Усеновтиң сахналастырыўындағы «Клиника» комедиясының премьерасы болып өтти.

Сахналық шығарманың художниги Т.Шардеметов, режиссёр ассистенти С.Ганиева, көркемлик басшысы Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Б.Баймурзаев, бас режиссёр Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Б.Утебаев.

Комедияның авторы Тунжер Жуден ўғлуның «Қардың көшиўи» дөретпеси Өзбекстаннан тысқары Россия, Қазақстан ҳәм басқа да көплеген мәмлекетлердиң театрларында сахналастырылған. Ал, драматургтың «Клиника» комедиясы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында қойылмақта.

– Шаңарақты тиклеў, бул жолдағы жетер-жетпеслик, баспанасызлық  адамзаттың әзелий машқалаларының бири. Шығармамыз қаҳарманлары да усындай аянышлы жағдайлар себепли адамларды алдаўға мәжбүр болады. Бирақ соңында қаҳарманларымыздың ҳүжданы оларды айыбын тән алыўға мәжбүрлейди, -дейди режиссёр М.Усенов. – Президентимиздиң парламентке Мүрәжатындағы «жәмийетимиздиң барлық ағзалары, айтыў керек болса, «ҳадаллық вакцинасы» менен емленбес екен, өз алдымызға қойған жоқары шеклерге ерисе алмаймыз» деген сөзлеринен жуўмақ шығарған ҳалда, усы спектакльди сахналастырыў арқалы тамашагөйлерди ойға салыўға, оларда сап  ҳүжданлылық, ҳадаллық сезимлерин оятыўға ҳәрекет еттик.

Бас ролди талантлы актёр Айдос Муратбаев, оның өмирлик жолдасы образын Мийригүл Мәмбетмуратова шеберлик пенен атқарып шықты. Сондай-ақ, өзлерине берилген рольлерди жақсы атқарған Қарақалпақстан Республикасына хызмет көркеткен артист Базарбай Назарымбетов, Әзиз Назарымбетов,  Сағынбай Айымбетов,  Фарид Узақбергенов, Мухаммедали Кенжеев, Дәстегүл Кенжембаева ҳәм басқа да актёрлардың шеберлигине рийза болған тамашагөйлер узақ даўам еткен қол шаппатлаўлар менен қарсы алды.

Бул сахналық дөретпениң табыслы қойылыўында художник-декоратор Т.Шардеметов, режиссёр ассистенти С.Ғаниева, театрдың көркемлик басшысы Б.Баймурзаев ҳәмде бас режиссёр Б.Утебаевлардың айрықша хызметлери бар.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.