Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды қаржыларын басқарыў бойынша Парламентлик комиссияның гезектеги мәжилиси болып өтти.

Парламентлик комиссияның баслығы А.Саидов ҳәм басқалар елимизде пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў, олардың социаллық белсендилигин арттырыўға үлкен итибар қаратылып атырғанын атап өтти. Бул процессте ғалаба хабар қуралларының роли күшейтилип, мәмлекетлик басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеўдиң жаңа механизмлери енгизилмекте.

Мәжилисте Пуқаралық жәмийетиниң қәлиплесиўин мониторинг етиў бийғәрез институты, Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы ҳәм Өзбекистан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы тәрепинен 2016-жылы әмелге асырылған жумыслар бойынша есаплар тыңланып, олардың кейинги жумысының тийкарғы ўазыйпалары белгилеп алынды.

Пуқаралық жәмийетиниң қәлиплесиўинде ҳәм раўажланыўында пуқаралық институтларының, МКШлардың ролин және орнын күшейтиў, ҒХҚны демократияластырыў ҳәм либералластырыў, елимизди демократиялық жаңалаўда сиясий партиялардың, демократиялық реформалар процесинде жаслардың ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ролин арттырыў мақсетинде орайда ҳәм алыс аймақларда 4 мың 200 ден аслам илаж өткерилген. 2016-жылы институт қәнигелери 50 ден зыят нызам ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыўда қатнасқан.

Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамына 2016-жылы 150 миллион сум муғдарында субсидия ажыратылғаны туўралы мағлыўмат берилди. Мәлимлеме саласын реформалаў, мәлимлеме ҳәм сөз еркинлигин тәмийинлеў, демократиялық реформаларды буннан былай да тереңлестириў, елимизде алып барылып атырған реформалардың ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын тәмийинлеўде ғалаба хабар қуралларының ролин және жуўапкершилигин күшейтиў, сала хызметкерлериниң заманагөй билимин, кәсиплик шеберлигин арттырыўға байланыслы пикир-усыныслар билдирилди.

– Өзбекистан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы тәрепинен  2016-жылы 21 жойбардың жумысы муўапықластырылды, – дейди ассоциация баслығы Ф.Абдухаликов.– Бул жойбарлар ассоциацияға ағза аймақлық телерадиостанцияларға ҳуқықый-мәсләҳәт көрсетиў, ҒХҚ жумысына байланыслы нызам ҳүжжетлерин ислеп шығыўда қатнасыў ҳәм бул процессте мәмлекетлик емес телерадиоузатыўшылардың мәплерин қорғаўға бағдарланған. Мәмлекетлик емес телерадиостанциялардың эфир бағдарламаларын социаллық, мәдений-ағартыўшылық, музыкалық, киновидео медиа өнимлер менен байытыў, ассоциацияға ағза мәмлекетлик емес телерадиоузатыўшылар хызметкерлериниң профессиональлық шеберлигин арттырыўға ҳәм оларды материаллық хошаметлеўге, ҳәр қыйлы фестивальлар, таңлаўлар өткериўге айрықша итибар қаратылған.

Г.САТТОРОВА,

ӨзАның хабаршысы