Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталына «Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодексине қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары жайластырылды, деп жазады xabar.uz  сайты.

Ҳүжжет жойбары менен, енди кодекске пуқараның сүўретине болған ҳуқықын қорғаў бәнти киргизилиўи мүмкин.

Оған бола, пуқараны сүўретке түсириў ҳәм оннан пайдаланыў ушын усы пуқараның келисими, егер пуқара жас өспирим ямаса қарым-катнасқа уқыпсыз деп табылған болса, оның нызамлы ўәкиллериниң келисими талап етиледи.

Төмендеги жағдайларда, яғный, сүўреттен мәмлекет ямаса жәмийет мәплери ушын пайдаланыў, ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў мақсетинде, мәмлекет ҳәм жәмийет қәўипсизлигине қәўип салатуғын ўақыя-ҳәдийселер ҳаққында хабар бериўде, сүўреттеги шахстың жынаят ислегенлиги ямаса бийдәрек жоғалғанлығы себепли излеў жәриялаўда, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметкерлердиң хызмет ўазыйпаларын орынлаў процесиндеги сүўретинен пайдаланыў мүмкин.

Атап өтилиўинше, пуқараны сүўретке түсириў ҳәм оның сүўретинен пайдаланыўға келисим жазба ямаса аўызеки түрде яки басқа да келисимди айқын көрсететуғын ҳәрекетлер арқалы билдириледи. Бирақ, берилген келисим усы келисимди алған шахстан басқа шахсларға сүўреттен пайдаланыў ҳуқықын бермейди.

Атап өтилиўинше, пуқараның усы статьяның биринши бөлиминде белгиленген талапларға әмел етпестен түсирилген ямаса пайдаланылған сүўрети сақланып атырған дәрек – фотоаппарат, камера, мобиль телефон ҳәм басқа да үскенелерден өширип тасланыўы, пуқараның сүўрети сәўлеленген материаллық байлықлардың жоқ етилиўи ҳәм айланыстан шығарылыўы, атап айтқанда, ҳәр қандай баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қуралларынан, Интернет тармағынан және сыртқы реклама ҳәм реклама қәсийетине ийе болған тарқатпа материаллардан алып тасланыўы керек.

Додалаў усы жылдың 8-мартына шекем ашық.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги