Нызамшылық палатасының гезектеги улыўмалық мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын көрип шықты, деп хабар берди «Kun.uz» сайты.

Нызам жойбары менен тойлар, шаңарақлық мерекелер, мәресимлерди өткериў тәртибине қойылатуғын улыўмалық талапларға әмел етпегени ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгилениўи нәзерде тутылмақта.

Усы тәртипти той-мерекелерди өткериўши адам тәрепинен бузыў – базалық есаплаў муғдарының 10 есеси (ҳәзирги ўақытта бул 2 230 000 сумды қурайды) муғдарында жәрийма салыўға себеп болыўы нәзерде тутылмақта. Тойхана, кафе ҳәм ресторанлардың жуўапкер тәреплери усы тәртипти бузса, базалық есаплаў муғдарының 30 есеси (ҳәзирги ўақытта бул 6 690 000 сумды қурайды) муғдарында жәрийма салыўға алып келеди.

Нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықлар ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан соң бир жыл даўамында қайтадан әмелге асырылған болса, базалық есаплаў муғдарының 50 есеси (ҳәзирги ўақытта бул 11 150 000 сумды қурайды) муғдарында жәрийма салыўға себеп болыўы белгиленбекте.

Нызам жойбары депутатлар тәрепинен концептуаллық тәрептен қабыл етилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.