USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 4 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЯПОНИЯ ҲӘМ КОРЕЯ РЕСПУБЛИКАСЫ МЕНЕН ЭКОНОМИКАЛЫҚ БИРГЕ ИСЛЕСИЎ ПЕРСПЕКТИВАЛАРЫ ДОДАЛАНДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-февраль күни  Япония ҳәм Корея Республикасы менен еки тәреплеме инвестициялық ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң енгизилиў жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективаларын додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.

Бул мәмлекетлер тек Азия да емес, ал пүткил дүньяда, әсиресе, жоқары технологиялар тараўында жетекши есапланатуғынлығы, кең инвестиция имканиятларына ийе екенлигин атап өтиў зәрүр.

Мәмлекетлер басшыларының сиясий ерк-ықрары ҳәм турақлы сөйлесиўлери себепли Өзбекстанның усы мәмлекетлер менен қатнасықлары стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилген, бирге ислесиўдиң түрли бағдарларында жақын қарым-қатнаслар жолға қойылған.

2019-жылда еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа бет ашқан нәтийжели сапар етиўлер әмелге асырылды. Атап айтқанда, 18-21-апрель күнлери Корея Республикасы Президенти Мун Чже Ин мәмлекетимизде, 17-20-декабрь күнлери болса Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Японияда сапар менен болды. Ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер нәтийжесинде ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық салмақлы ҳүжжетлерге қол қойылды, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық келисимлерге ерисилди.

Мәжилисте усы мәмлекетлер менен өз-ара саўда ҳәм инвестициялық көрсеткишлер избе-из артып баратырғанлығы атап өтилди. Өткен жылдың жуўмағына бола Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы товар алмасыў көлеми 400 миллион доллардан артты. Бүгинги күнде елимизде Шығыс мәмлекетиниң қатнасыўында отызға шамалас кәрхана жумыс ислемекте.

Ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў, инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша жаңа усыныслар ислеп шығыўға айрықша итибар қаратылды.

Япониялы шериклер менен бирге ислесиўде геология, химия ҳәм нефть-химия, банк-қаржы, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў сыяқлы тараўларда улыўма баҳасы 6,6 миллиард долларлық 48 жойбар әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилди.

Атап айтқанда, «HIS» компаниясы менен мийманханалар қурыў, «Isuzu» ҳәм «Itochu» менен «СамАвто» кәрханасының өндирислик қуўатлылықларын кеңейтиў, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) менен Наўайы ыссылық энергия станциясында энергия блокларын (Наўайы-3) қурыў бойынша ҳәм көплеген басқа да жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

Мәжилисте еки тәреплеме түрли илажлар, соның ишинде, исбилермен топарлардың өз-ара сапар етиўлерин шөлкемлестириў, жаңа қоспа жойбарлар ислеп шығыў арқалы Өзбекстан-Япония бирге ислесиўин және де жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Корея Республикасы менен де экономикалық байланыслар салмақлы дәрежеде раўажланбақта. Атап айтқанда, өткен жылдың жуўмағына бола еки тәреплеме саўда көлеми 2018-жылға салыстырғанда 27 процентке, соның ишинде, экспорт 30,1 процентке артты. 2019-жылдың өзинде Өзбекстанда Қубла Корея инвестициялары қатнасыўында 198 кәрхана шөлкемлестирилди, олардың улыўма саны 800 ден артты.

Кореялы шериклер менен биргеликте Ташкент қаласында балалар көп тармақлы медицина орайын қурыў жойбары табыслы әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилди. Ташкент ўәлаятының Қибрай районында «Tashkent Farma Park» инновациялық илимий-өндирислик фармацевтика кластерин жаратыў жумыслары басланды. Бул жойбар илимий-изертлеў орайы, лабораториялар, виварий, фармакопея орайын өз ишине алған Фармацевтика техникалық университети және дәри-дәрмақлар, медициналық буйымларды ҳәм техникасын ислеп шығарыў ушын санаат зонасын шөлкемлестириўди нәзерде тутады.

Аўыл хожалығы, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, денсаўлықты сақлаў, химия, текстил, электротехника, фармацевтика, зергерлик санааты, билимлендириў ҳәм инновациялар бирге ислесиўдиң жаңа перспективалы бағдарлары сыпатында атап өтилди.

Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA)ниң техникалық жәрдеми менен 2019-жылда денсаўлықты сақлаў ҳәм стандартластырыў бойынша улыўма баҳасы 13 миллион долларлық еки грант жойбары шеңберинде жумыс алып барылды, және 29,6 миллион долларлық 6 жойбар әмелге асырылмақта. 2020-2022-жылларда улыўма баҳасы 72,2 миллион долларлық 10 жойбар үйренилмекте.

Корея Республикасы Эксимбанки менен бирге ислесиў шеңберинде инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ҳәм биргеликте қаржыландырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасына 2 миллиард долларлық ресурслар тартылды және 14 стратегиялық әҳмийетли жойбар әмелге асырылды. Улыўма баҳасы 608 миллион долларлық 6 жойбар үстинде жумыс басланды.

Жуўмақлап айтқанда, Япония ҳәм Қубла Корея менен қоспа жойбарларды әмелге асырыў нәтийжесинде 40 мыңнан аслам жаңа жумыс орнын жаратыў, өндирис көлемин 4,1 миллиард долларға, экспорт көлемин болса 1,14 миллиард долларға арттырыў нәзерде тутылған.

Президент Шавкат Мирзиёев жоқары дәрежедеги сапарлардың жуўмағында ислеп шығылған «жол карталарын»да 2020-жылға белгиленген илажлардың толық ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти.

Мәжилисте долаланған мәселелер бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының есабатлары тыңланды, анық ўазыйпалар белгиленди.

ӨзА