Дабылов Пердеғалий Абатбаевич Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында ҚР МК мәлимлеме хызмети хабар берди.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының арнаўлы қарары қабыл етилди.

П.Дабылов 1974-жылы туўылған. Мағлыўматы жоқары. 1997-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерген. Қәнигелиги бойынша филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты муғаллими. Филология илимлери бойынша философия докторы (PhD).

П.Дабылов 20 жылдан аслам мийнет жолы даўамында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында нәтийжели мийнет етти.

Ол усы күнге шекем Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты түркий тиллер факультети деканының руўхыйлық-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымында жумыс алып барды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги