Хожели районында Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының басламасы менен «Интакер жаслар фестивалы» болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Х.Каримовтың басшылығында Хожели районы прокуратурасы хызметкерлери тәрепинен шөлкемлестирилген илажда елимизде жас әўладты ҳәр қыйлы жат идеялар ҳәм иллетлерден қорғаў, олар арасында жынаятшылықлар менен ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Фестиваль қатнасыўшылары райондағы 20-cанлы улыўма орта билим бериў мектебинде ул ҳәм қыз балалар арасында спорттың шахмат ҳәм шашка түрлери бойынша өткерилген жарыстың финаллық басқышында қатнасты. Жарыста жәми 42  мектептен 84 оқыўшы қатнасып, оларға 50 атамадағы көркем әдебиятлар топламы саўға етилди. Буннан соң прокуратура хызметкерлери менен 50 ге шамалас жаслар райондағы ең ири исбилерменлик субъектлериниң өнимлерди сақлаў ҳәм өндирис бөлимлериниң, ыссыханаға ийе «Логистика орайы»ның жумысы менен танысып, орай дирекциясының презентациясы қойып берилди.

Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң залында «Жаслар ҳәм ҳаял-қызлар ушын арнаўлы мийнет ярмаркасы» шөлкемлестирилип, илаж шеңберинде исбилерменлик субъектлери тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң «Саўда көргизбе ярмаркасы» болып өтти. Коммерциялық банклер, Мәмлекетлик салық инспекциясы тәрепинен исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлейтуғын жасларға банк кредитлери ҳәм салық тараўы бойынша мағлыўмат беретуғын «Жетискенликтиң 100 түрли имканияты» атамасында көргизбе-семинар шөлкемлестирилди. Бул илажларға 320 жас қамтып алынып, 28 жас жумыс пенен тәмийинленди.

Фестиваль шеңберинде райондағы 5-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде районның белсенди жаслары менен ушырасыў ҳәм жас исбилерменлердиң өзлериниң жумысы ҳаққындағы презентациясы болып өтти. Ушырасыў даўамында жас исбилерменлердиң әмелий жәрдем көрсетиўди сораған 13 мүрәжаты өз шешимин тапты. Усы мектепте 46 жас художниктиң қатнасыўында «Ўатан мениң көзқарасым менен» таңлаўы шөлкемлестирилди. Таңлаў соңында қатнасыўшыларға 100 ге шамалас көркем әдебий китаплар, райондағы кем тәмийинленген шаңарақ перзентлерине 3 майыплар арбашасы менен 2 тигиў машинасы ҳәм үй шараятында билим алып атырған 10 оқыўшыға саўғалар берилди.

Усы күни фестиваль қатнасыўшылары Хожели районындағы республикалық 1-санлы Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшылары менен ушырасып, оларға 2 компьютер ҳәм 50 көркем әдебиятларды саўға етти.

Сондай-ақ, Транспорт кәсип-өнер колледжинде район аймағындағы өнерментшилик, мебель ислеп шығарыў менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлериниң баслықлары өз өнимлерин көргизбеге қойып, өнерментшиликке қызығатуғын жасларға исбилерменлик жумысының сырларын үйретиў, тәжирийбелери менен бөлисиў мақсетинде мастер-класс өткерди.

Райондағы 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде жынаятшылыққа қарсы гүресиўге қаратылған «Ўатан келешеги сениң қолыңда» сүрени астында «Хожели қәўипсиз район» таңлаўының финальлық басқышы өткерилди. Орта мектеплерде жумыс ислеп атырған 30 жасқа толмаған жас муғаллимлер, қәнигелер ҳәм хызметкерлер арасында өткерилген таңлаўда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша ең жақсы усыныс билдирген 3 қатнасыўшы жеңимпаз болып, планшет, флипчарт доска, Wi-fi үскенеси менен сыйлықланды.

Соның менен бирге, усы күни 1-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде жергиликли исбилерменлердиң, өнерментлер ҳәм фермерлердиң өнимлеринен ибарат көргизбе ҳәм мийнет ярмаркасы өткерилди. «Жаслар – келешегимиздиң тиреги», «Халқымыз хызметинде болыў ҳәм елимиздиң раўажланыўына үлес қосыў – үлкен бахыт» атамасындағы илажларда Өзбекстан Республикасы Жаслар аўқамының районлық кеңеси, «Өнермент» бирлеспеси, коммерциялық банклердиң ўәкиллери, 15 жас исбилермен, өнермент ҳәм фермер, 156 жумыссыз пуқара қатнасты. Мийнет ярмаркасында райондағы 56 кәрхана ҳәм шөлкем 170 тен аслам бос жумыс орынлары менен қатнасып,  16 пуқараға районлық халықтың бәнтлигине жәрдемлесиў орайы тәрепинен жумысқа жайласыў ушын жолламалар берилди. 25 жас «Nukusmedtex» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине мийнет шәртнамасы тийкарында жумысқа жиберилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.