Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баспасөз хызмети хабар берди.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде мәжилис өткерилип, усы министрликке тайынлаўлар әмелге асырылды.

Турманов Сағындық Турганбаевич Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри етип тайынланди. Ол бир ўақыттың өзинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары лаўазымында жумыс алып барады.

С.Турманов усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығы, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы лаўазымларында ислеген.

Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары лаўазымына Марям Аҳмедова, орынбасарлары лаўазымына Шарап Уснатдинов ҳәм Өмирбай Турдыбаевлар тайынланды.