Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2020-жыл 4-февральдағы 12-санлы протоколы тийкарында қоңсылас мәмлекетлердеги (Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан) жоқары оқыў орынларында оқып атырған Өзбекстан Республикасының пуқараларына оқыўын Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларына ҳеш қандай имтиханларсыз көшириў имканияты берилген еди.

 

Қоңсылас мәмлекетлердеди жоқары оқыў орынларында аралықтан оқытыў тийкарында билим алып атырған пуқараларымыз оқыўын республикамыздағы жоқары оқыў орынларына көшире алады ма? Бул сораўға Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жуўап берди.

Мәмлекетлик комиссияның протоколына муўапық, Өзбекстан жоқары оқыў орынларында болмаған билимлендириў бағдарларында оқып атырған Өзбекстан пуқараларының оқыўын сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түрлерине көшириўге рухсат берилди. Яғный, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан жоқары оқыў орынларында аралықтан билим бериў түри бойынша оқып атырған студентлер де оқыўын Өзбекстанға көшириў бойынша арза тапсырыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.