Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Өзбекстан Бас прокуратурасының Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын раўажландырыўда нызамшылықтың орынланыўы бойынша қадағалаў басқармасы ҳәм район ҳәкимлигиниң басламасы менен районда «Арал тәғдири – келешек тәғдири» сүрени тийкарында экологиялық акция шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында New Muynak City каналы хабар берди.

Илажға республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан келген 1,5 мыңнан аслам жаслар пидайылық пенен қатнасты.

Экологиялық акция даўамында райондағы бос жатырған жерлерге 60 мыңнан аслам терек нәллери отырғызылды.

Илаж мәденият ҳәм көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги