Соңғы жылларда елимизде электрон ҳүкиметти раўажландырыў ҳәм модернизациялаў, соның ишинде, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды жетилистириў, халықтың мүрәжатларын көрип шығыў процесслериниң ашық-айдынлығы ҳәм оптималласыўын тәмийинлеў, жедел исбилерменликти хошаметлеў, сондай-ақ, инвестициялық ықлым ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға қаратылған мәмлекетлик хызмет көрсетиўди кеңейтиў бойынша кең көлемли жумыслар исленип атыр.

Хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларын қорғаўды буннан былай да күшейтиў ҳәм олардың мийнет стажын есаплаў механизмин жетилистириў, сондай-ақ, социаллық мийнет тараўына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў мақсетинде 2019-жылдың 31-октябринде Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Бирден-бир миллий мийнет системасы” уйымлараралық  бағдарламалық-аппарат комплексин ен жайдырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4502-санлы қарары ҳәм усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 5 декабрьдеги “Бирден-бир миллий мийнет системасы” уйымлараралық бағдарламалық-аппарат комплексиниң енгизилиўин ҳәм оның ислеўин тәмийинлеўге байланыслы  шөлкемлестириўшилик илажлар ҳаққында”ғы 971-санлы қарарларының мазмун-әҳмийети, онда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын әмелге асырыў бойынша Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында министрликлер ҳәм олардың төменги буўынлары, район (қала) ҳәкимликлери, жеке тәртиптеги кәрхана ҳәм шөлкемлер, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасында семинар-тренинг өткерилди.

Семинар-тренингти Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң биринши орынбасары Б.Ильясов ашты.

Күн тәтибиндеги мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги қасындағы  “Бирден-бир миллий мийнет системасы” уйымлараралық бағдарламалық-аппарат комплексин басқарыў дирекциясының директоры Х.Ярқулов ҳәм усы дирекцияның бас қәнигеси О.Юнусовлар сөзге шығып, жоқарыда атап өтилген қарарлардың мазмун-әҳмийети, онда белгиленген ўазыйпалар бойынша кеңнен түсиник берип өтти ҳәм семинар қатнасыўшыларының қызықтырған сораўларына толық жуўап берди.

 

Г.Утарбаева,

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң баспасөз хаткери

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги