«Жәмийетте социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў, мәҳәлле институтын буннан былай да қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге көтериў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманына муўапық, 2020-жыл 1-апрельден баслап пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў (ПҲАЖ) уйымлары Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги басқарыўына өткериледи.

Бунда агентликке ПҲАЖ уйымларының жумысларын системалы қадағалаў, тәжирийбели кадрларды сайлап алыў ҳәм өз орнына қойыў, ҳуқықты қоллаў әмелиятын муўапықластырыў, «ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасын жүргизиў ҳәм ПҲАЖ уйымларының аймақлық архивлерине басшылық етиў бойынша функциялар жүкленеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.