Өткен 2019-жыл даўамында Өзбекстандағы жумыс орынларында улыўма 574 бахытсыз ҳәдийсе жүз берген. Жумыс ўақтында жүз берген ҳәр қыйлы бахытсыз ҳәдийселер ақыбетинде Өзбекстан бойынша 199 адам биймезгил қайтыс болған. 440 адам аўыр ҳәм 10 жумысшы жеңил дәрежедеги дене жарақатларын алған. Бул ҳаққында «Kun.uz» басылымы хабар берди.

 

Қарақалпақстанда 2018-жылда жумыс ўақтындағы бахытсыз ҳәдийселер ақыбетинде 10 адам қайтыс болған болса, бул көрсеткиш өткен 2019-жылда бираз көбейген. Яғный, өткен жыл даўамында жумыс ўақтындағы бахытсыз ҳәдийселер ақыбетинде Қарақалпақстанда улыўма 14 адам қайтыс болған.

 

Бахытсыз ҳәдийселер көрсеткишлерин тараўлар бойынша алып қарағанда, ең көп бахытсыз ҳәдийселер қурылыс, жеңил санаат, пахта тазалаў санааты, транспорт тараўларында көбирек ушырасқан.

 

Өндирис пенен байланыслы бахытсыз ҳәдийселердиң тийкарғы себеплери:

 

– қәўипсиз мийнет усылларына оқытылып, жол-жобалардан өткерилмеген адамлардың жумысқа алынғаны, инструкцияға әмел етпеў, қадағалаўдың жоқ екенлиги, хызметкерлерди мәжбүрий медициналық тексериўден өткермеў ҳәм санитариялық-турмыслық шараятлардың жаратылмағаны сыяқлы жағдайлардың болыўы;

– қурылыс тараўында жумыс көлеминиң артыўы менен бир ўақытта технологиялық процесстиң қурамаласыўы, сақлаўшы үскенелер ҳәм тосықлар болмаўы, сондай-ақ, хызметкерлер жеке қорғаныў қураллары менен тәмийинленбегенлиги;

– жойбар ҳүжжетлерине ҳәм өндиристиң технологиялық талапларына әмел етпеў, хызметкерлердиң мийнети надурыс шөлкемлестирилгенлиги.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.