Жақында Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Президентиниң бес басламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ертек жанрында дөретиўшилик ететуғын жас жазыўшыларды қоллап-қуўатлаў, оларды хошаметлеў ушын шөлкемлестирилген «Мен еситкен ертеклер» таңлаўы жеңимпазларына арнаўлы сыйлықлар ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Олар арасында таңлаўда дөретиўшилик жумыслары менен қатнасқан 3 мыңға шамалас қатнасыўшылар ишинен төрешилер тәрепинен жоқары баҳаланып, үшинши орынға ылайық деп табылған Қарақалпақстан Республикасы Тақыятас районы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 6-класс оқыўшысы Суғдиёна Юсупова да бар.

Өзбекстан Халық билимлендириў министрлиги, Республикалық балалар китапханасы тәрепинен өткерилген таңлаўда Жазыўшылар аўқамының ағзалары, «Гулхан», «Ғунча» журналларының қәнигелери, белгили жазыўшылар ҳәм шайырлар төрешилик етти.

– Ертеклер таңлаўын өткериўде айырым қыйыншылықларға дус келген болсақ та, жуўмағындағы нәтийжеден қуўанышлымыз, – дейди таңлаўдың төрешилер қурамы ағзасы, балалар жазыўшысы Худойберди Тўхтабоев. – Мине усы таңлаў жәрдеминде елимиздиң балалар әдебиятына өзиниң мүнәсип үлесин қосыў мақсетинде кирип киятырған жас дөретиўшилерди жүзеге шығардық.

Мәресимде, сондай-ақ, «Ең жас ертек жазыўшы», «Тәбиятты қәстерлеўге үйретиўши ертектиң авторы», «Ең үлгили ертек авторы», «Ўатанды улығлаўшы ертектиң авторы», «Сыйқырлы ертеклер авторы», «Дослықты үгит-нәсиятлаўшы ертеклердиң авторы», «Қәдириятларды үгит-нәсиятлаўшы ертеклердиң авторы» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланып, Тақыятас районындағы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 7-класс оқыўшысы Роза Шамшетдинова «Сыйқырлы ертеклер авторы» номинациясының жеңимпазы сыпатында сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.